Жасларға дәбдебе емес, келешек керек…

Әҳмийетли тема
Мәмлекетимизде соңғы жыллары халқымыздың узақ жыллық қәдириятлары менен дәстүрлерин өзинде сәўлелендирген тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди өткериўде даңқпаразлық, өзин басқаларға көрсетиў, басқалардың социаллық жағдайын инабатқа алмаў, ысырапгершилик, халқымыздың үрп-әдетлери менен дәстүрлерин менсинбеў сыяқлы иллетлер көзге тасланбақта.
Әлбетте, инсан баласы бар, өмирде арзыў-әрман менен жасайды. Әсиресе, ул-қызлары ержеткен сайын оларды оқытады, жоқары оқыў орнын тамамлағаннан соң, жумысқа кириўине жәрдем береди. Улына салтанатлы той бермекши, қызын болса жақсы жерге үлкен той берип узатқысы келеди. “Той берсем, елге ас берсем,” деген тилекти ҳәмме инсан нийет етеди.
Ашынарлысы сонда, елимизде турмыс қурыў, той өткериў сыяқлы қайырлы ислер көп жағдайларда өзиниң тәбийғый мәнисинен узақласып, дәбдебели ҳәм артықша зийнетке берилип кетиў жағдайлары бүгинги заман тили менен айтқанда трендке айланды. Соңғы жыллары той ма, жаназа ма ҳәм басқа да ойлап таўып атырған мәресимлеримизди өткериўде арзымаған артықша қәрежетлер, нәпсиге берилиў иллети күшейип барса да, ҳасла сөнбеди.
Үлкен ресторанлар, жүзлеген мийманлар, баҳалы той липаслары, ижараға алынған машиналар, арнаўлы фото ҳәм видео сессиялар – булардың барлығы жас шаңарақларды турмыс басламақшы болған ўақтында-ақ қыйын қаржылай тосқынлықлар астында қалдырмақта. Той болған күнниң ертеңине-ақ алынған қарызларды төлеў, қаржы жүгин көтере алмай шаңарақтағы жақынлардың руўхый турақлылығының бузылыў жағдайларын бәршемиз көрдик, көрип атырмыз.
Өзбекстанда соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалардың орайында инсан қәдири, әдиллик ҳәм ҳақыйқат турады. Жаңа Өзбекстанды қурыўда руўхый раўажланыў ҳәм илим-ағартыўшылыққа сүйенген жәмийетти қәлиплестириў тийкарғы мақсет есапланады. Бирақ, тилекке қарсы, айырым қатламларда артықша дәбдебе, өзин басқаларға көрсетиў, руўхый бослықты материаллық көрсеткишлер менен толтырыўға умтылыў жағдайлары да ушырасып тур.
Жаңа Өзбекстан – жоқары мәнаўиятлы, тәртипли ҳәм ақыллы инсанлар жәмийети болыўы керек. Бул бағдарда ҳәр бир пуқараның жеке орны бар. Бирақ соңғы жыллары айырымлар арасында күшейип баратырған дәбдебелик иллети миллий раўажланыўымызға үлкен тосқынлық етиўи мүмкин. Жәмийетте қәдириятлар емес, көзабаға көрсетиў дәстүрге айланған екен, ол жерде турақлы раўажланыў ҳәм руўхый жоқарылаў ҳаққында айтыў қыйын болады.
Жақын жылларда жәмийетимизде материаллық байлықларды, байлық ҳәм мал-дүнья көлемин көрсетиў, яғный дәбдебели руўхтағы турмыс тәризи барған сайын дәстүрге айланып баратырғаны көзге тасланбақта. Бундай иллет тек ғана жеке емес, ал кең жәмийетлик ақыбетлерге де себеп болмақта. Қурылысы тамамланбаған жайлар, артықша қәрежетли тойлар, “мереке”лер, буннан тысқары, зәрүрликтен артықша кийим-кеншек ҳәм буйымлардың саны артып бармақта. Бул көзге көринер-көринбес ҳалда жәмийетте психологиялық басым, жасалма социаллық теңсизликти келтирип шығармақта.
Көзге тасланыў артындағы экономикалық зорығыў
Артықша тойлар, мәресимлер, керексиз қәрежетлер адамларды экономикалық жақтан аўыр жағдайға салып қоймақта. Бул жағдай көплеген шаңарақлардың қарызға батыўына, имканияты шекленген жаслардың руўхый түскинликке түсиўине себеп болмақта. Нәтийжеде, мийнет ҳәм ақыл емес, көзбояўшылық ҳәм дәбдебели турмысқа умтылыў “жетискенлик” сыпатында қабыл етилип атырғаны айрықша қәўип болып есапланады.
Дәбдебели, бәринен бурын, халықтың экономикалық жақтан зорығыўына себеп болады. Мәселен, бир той ушын 50-100 миллион сум жумсап атырған шаңарақ, көбинесе бул қаржыны кредит есабынан әмелге асырады. Бул болса жыллар даўамында оның экономикалық еркинлигин шеклеп қояды. Яғный, инсанларды тек ғана заманагөй технология, билим ҳәм мийнет арқалы жоқарылаўға емес, ал жасалма түрде “атын шығарыўға ” ийтермелейтуғын механизмлер қәлиплесе баслайды.
Социаллық теңсизлик ҳәм руўхый теңсалмақлылықтың бузылыўы
Бул иллеттиң ең қәўипли тәрепи – ол жәмийетте жасалма социаллық теңсизлик сезимин күшейтеди. Қоңсысы төрт қабатлы жай қурған болса, ол да қурмақшы, жигит машинаны емес, оның брендин гөзлемекте, қызлар болса билим ҳәм қәбилетке емес, тойдағы сарпайға қарап таңланбақта. Бул – миллий қәдириятларымызға пүткиллей қарама-қарсы жағдай.
Бәршемизге белгили ҳақыйқат: әдетте тойлардағы дәбдебелер көбирек “кимдур көрсин,” “ҳәммеге жәриялаў” мақсетинде әмелге асырылады. Бул болса инсаныйлық, ағартыўшылық ҳәм әпиўайылық принциплерине қайшы келеди. Айырым жағдайларда, тойға қарағанда фото-видео материаллар, социаллық тармақтағы көриўлер көбирек әҳмийетке ийе болады. Мәлимлеме әсириниң”көрсетиў” вирусы инсанларды әпиўайы ҳақыйқатты емес, ал көзабаға көрсетиўди қәлеўши шахсларға айландырмақта. Тармақтағы жалған атастырыўлар, дәбдебели сәўлеленген ушырасыўларын көрген аудиторияның көпшилик бөлеги болса әйне оның өмиринде де сондай болыўын қәлеўи ҳәм бул қатаң тилектиң күшейиўи ишки имканиятлар, шараятты есапқа алмастан қарыз алыўға алып келеди.
Жәмийеттеги “ким тойды жақсырақ өткерди?” деген өз-ара бәсеки руўхы тек ғана шоқлықты емес, ал мәденият ҳәм руўхыйлықты да түп-тийкарынан өзгертип атырғаны ҳақыйқат. Бул жағдай тек ғана жаслар емес, ал пүткил жәмийет ушын аўыр социаллық-экономикалық машқалаларды әлле қашан келтирип шығарған.
Шаңарақ қурыўдың басында-ақ үлкен қарызға батыў жаслардың руўхый жағдайына унамсыз тәсир етеди. Экономикалық басым астында ерли-зайыплылар арасында келиспеўшиликлер келип шығыўы, түрли наразылықлар жүзеге келиўи мүмкин. Әсиресе, жумыссызлық яки турақлы дәраматқа ийе болмаған жаслар ушын бундай қәрежетлер аўыр жүкке айланады.
Дәбдебениң ең қәўипли тәрепи – ол жасларда надурыс қәдириятларды қәлиплестириўи. Кимде қанша пулы көп болса, ол сонша “жетискен,” ким қымбат машинада жүрсе, ол “инсан сыпатында жоқары” деген пикирлер пайда болады. Бул болса мийнет ҳәм билимди емес, ал көзабаға ислеўди үгит-нәсиятлайды.
Нәтийжеде, руўхый жарлылық ҳәм көз бояўшылық ҳәўиж алады. Жәмийет “менменлик” ҳәм “көре алмаўшылық” топарына айланып, ҳақыйқый раўажланыўдан узақласады.
Не ушын бул иллетке қарсы гүресиў керек?
Президентимиздиң атап өткениндей, “Жаңа Өзбекстанда ҳәр бир реформа, ҳәр бир қәдем бәринен бурын инсан ушын, оның ертеңги күни ушын хызмет етиўи шәрт.” Мине, усы реформалардың нәтийжеси халықтың санасында өзгерис болса, ҳәр бир инсанның мәнаўияты жәмийетте алдынғы күш болыўы шәрт.
Усы көзқарастан Мәҳәлле ҳәм жәмийетшилик ағзалары дәбдебеликке қарсы үгит-нәсият жумысларын күшейтиўи бүгинги жәмийетлик турмысымыздың ең әҳмийетли мәселесине айланыўы зәрүр. Той мәресимлерин белгили дәрежеде стандартластырыў, нызам арқалы артықша дәбдебелерге шек қойыў пайдалы болады. Айырым аймақларда әмелге асырылып атырған “аз санлы тойлар” басламасын кеңнен ен жайдырыў керек.
Жәмийетлик қадағалаў – Жергиликли кеңеслер, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм белсенди пуқаралар тәрепинен той мәресимлеринде әпиўайылықты үгит-нәсиятлаў, руўхый-ағартыўшылық сәўбетлер өткериў керек. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер бул мәселеде белсенди позицияда болып, жергиликли кеңеслер, мәҳәлле белсендилери ҳәм диний ғайраткерлер артықша дәбдебени тек ғана сынға алыўы емес, ал оның ақыбетлери ҳаққында халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиў алып барса мақсетке муўапық болады.
Медиа үгит-нәсиятлаў – ҒХҚ ҳәм социаллық тармақлар арқалы кишипейиллик, руўхыйлық, мийнет сүйгишликти үгит-нәсиятлайтуғын үлгилерди көбирек сәўлелендириў керек. Телевидение онда көрсетилип атырған сериаллар, көрсетиўлерде интернет басылымлары ҳәм блогерлер бул мәселени сәўлелендириўде айқын үлгилерди үгит-нәсиятлаўы, дәбдебелилик емес, руўхыйлық ҳәм ақыл-парасат үстинлигин көрсетиўи шәрт.
Ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда әпиўайы ҳәм ибратлы тойлар ҳаққында репортажлар, мақалалар, интервьюлер таярлаў – жаслар ушын руўхый күш ҳәм үлги болады.
Мектеп ҳәм жоқары билимлендириў дәргайларында балалар ҳәм жасларға тек ғана илим ҳәм мийнет тәрбиясын, инсан өмири, саламатлығы әҳмийетли екенин, дәбдебели ҳәм артықша мәресимлерге емес, инсанның табыслы келешеги ушын инвестицияны жумсаўы, кәсип өнер, илим үйрениўге бағдарланған инвестиция нәтийжелерин түсиндириў керек. Билимлендириў мәкемелеринде балалар ҳәм жасларға дурыс турмыс жолын түсиндиретуғын, жәмийетке пайдалы инсан болыўды үйрететуғын арнаўлы ағартыўшылық бағдарламалар енгизилиўи зәрүр.
Жуўмақ орнында
Дәбдебелилик- материаллық имканияттан емес, инсан руўхый дүньясының кризисинен келип шығады. Жәмийетте ҳақыйқый турақлылық, абаданлық ҳәм руўхый раўажланыў болыўы ушын салтанат емес, дурыс қәдириятлар ҳәм мийнетке тийкарланған турмыс тәризи ең жоқары нормаға айланыўы керек. Ўақыт келди – жәмийет өз келешегин қолға алыўы, жасалма қыяллардан ўаз кешип, ҳақыйқый раўажланыўға умтылыўы керек.
Той – шадлық ҳәм жаңа өмирге қәдем қойыў мәресими. Оны өзиниң тәбийғый ҳәм руўхый мәнисинде сақлаў, артықша зийнет ҳәм дәбдебелерден ўаз кешиў – ҳәр бир жастың да, жәмийеттиң де мәпине хызмет етеди. Жасларға дәбдебе емес, шын жүректен орталық, қайырлы дуўа ҳәм турақлы муҳаббат керек. Соның ушын, “жасларға дәбдебе керек емес” сүрени турмыслық ҳәм әҳмийетли шақырық сыпатында кеңнен таралыўы керек.
Дәбдебелилик- бул тек ғана жеке таңлаў емес, ол жәмийеттиң руўхый кризиске, адамлар арасында ысырапгершилик ҳәм жасалма табыс сыпатламаларына алып келетуғын иллет болып есапланады. Жаңа Өзбекстанның дөретиўшиси болыўды қәлеген ҳәр бир пуқара өз турмысында жуўапкершиликли, кишипейил ҳәм терең ойлы болыўы шәрт. Себеби, ҳақыйқый раўажланыў салтанаты – әпиўайылық ҳәм мәнаўиятта жәмленген.
ӨзА