Қарақалпақстанлы балалар “Бесбулақ”та дем алмақта

Фоторепортаж
Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас районынан келген 7-14 жастағы 101 ул-қыз Термиз темир жол вокзалында салтанатлы күтип алынды.
Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Сурхандәрья ўәлаяты Кеңесиниң баслығы Абдукарим Аҳмедов ҳәм басқалар оқыўшы-жаслардың жазғы саламатландырыў мәўсимин жоқары дәрежеде өткериў, ҳәр бир баланың мазмунлы дем алыўын тәмийинлеў жолында исленип атырған жумысларға тоқтап өтти.

Соның ишинде, бир неше жылдан берли тақыятаслы балалардың жазғы дем алыс дәўиринде Шерабад районындағы “Бесбулақ” балалар дем алыў орайында дем алыўы дәстүрге айланды. Бул ретки сапар етиў де мине, усы дәстүрдиң избе-из даўамы болды.
Балалар дәслеп Термиз қаласындағы “Әмиўдәрья” дем алыў орайында мийман болды. Олар дем алыў орайындағы шараятлар менен жақыннан танысып, заманласлары менен сәўбетлести. Буннан соң “Бесбулақ” дем алыў орайына жол алды.
Тақыятаслы балалар “Бесбулақ”та 12 күнди умытылмас тәсирлер менен өткериўи ушын барлық шараятлар жаратылған.
ӨзА








