Жанылғы-энергетика ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў тәмийинленеди

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Халық ўәкиллери дәслеп, “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шықты.
Бүгинги күнде исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларының суд арқалы қорғалыўын тәмийинлеў, судларда көрилетуғын ислер бойынша артықша әўерегершиликлердиң алдын алыў, бар шеклеўлерди алып таслаў ҳәм исбилерменлик жумысын тәртипке салыўдағы айырым мәжбүрий талапларды қысқартыў бойынша нызамшылықта бир қатар унамлы өзгерислер әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, әмелдеги нызамшылыққа муўапық салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлар бойынша салық уйымы тәрепинен исбилерменлик субъектиниң банклердеги есап бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыўдың әмелдеги тәртибине бола, банктеги есап бетлери бойынша операцияларды 10 күннен көп мүддетке тоқтатып турыў ҳаққындағы қарар суд тәрепинен салық уйымының өтиниш хатына тийкарланып қабыл етилетуғыны белгиленген.
Онда, бул категориядағы ҳуқықбузарлық исбилерменлик субъекти тәрепинен тән алынған ҳәм қарсылық билдирилмеген болса да, оның банктеги есап бетлери бойынша операцияларды 10 күннен көп мүддетке тоқтатып турыў тек ғана судлар тәрепинен әмелге асырылыўына байланыслы талаплар салық төлеўшилерге қолайсызлықлар пайда етпекте.
Бул нызам жойбары менен Экономикалық процессуаллық ҳәм Салық кодекслерине салыққа байланыслы келиспеўшиликлерди тийисли судлар тәрепинен көрип шығыў, сондай-ақ, салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлар бойынша исбилерменлик субъектиниң банклердеги есап бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыў салық уйымының қарарына тийкарланып әмелге асырылатуғыны және салық төлеўши тәрепинен ҳуқықбузарлық жағдайлары сапластырылған жағдайда салық уйымының қарары дәрҳал бийкар етилетуғыны ҳаққындағы өзгерислер киргизилмекте.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.
Мәжилисте додаланған гезектеги мәселе “Судтың еркинлиги ҳәм судьялардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў илажларыныӊ және де күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары болды.
Бул нызам жойбары менен судта көрип шығылып атырған ислердиң ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс көрип шығылыўына тосқынлық етиў ямаса суд қарарының қабыл етилиўи бойынша судьяға ҳәр қыйлы формада нызамға қайшы түрде тәсир өткергени ушын белгиленген жынайый жуўапкершилик илажлары жетилистирилмекте.
Сондай-ақ, тек ғана суд мәжилиси ўақтында емес, ал суд имаратында судқа ҳүрметсизлик етиў жағдайлары ушын да ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.
Жанылғы-энергетика тараўындағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириўге қаратылған нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда көрип шығылды.
Энергетика тараўындағы реформалар системаның ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириўди, соның ишинде, энергия ресурсларынан пайдаланыў бағдарында енгизилген айырым жаңа тәртип-қағыйдалардың нызамлы тийкарларын беккемлеўди ҳәм оларда тутыныўшылардың жуўапкершилигин анық белгилеўди талап етпекте.
Соннан келип шығып, бүгин екинши оқыўда қабыл етилген нызам жойбарында энергия ресурсларынан нәтийжесиз пайдаланыў ҳәм электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары бузылыўының алдын алыўға қаратылған бир қатар нормалар белгиленбекте.
Атап айтқанда, жойбарда энергия тармақларына нызамсыз жалғаныў ҳәм энергия ресурсларын өзлестириў жағдайларына қарсы тәсиршең илажлар нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, “Өзэнергоинспекция”ның жанылғы-энергетика тараўындағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў бағдарындағы ўәкилликлери анық көрсетип өтилмекте.
Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи жанылғы-энергетика тараўындағы ҳуқықбузарлықлар профилактикасын буннан былай да күшейтиўге, ҳадал жумыс алып барып атырған субъектлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, нызамлылық ҳәм әдиллик принциплерин толық тәмийинлеўге хызмет етеди.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилди.
Нурулла НАСРИЕВ,
ӨзАныӊ хабаршысы




