Баспа жумысының ҳуқықый тийкарлары және де беккемленбекте

117

Парламент төменги палатасының мәжилисинде “Баспа жумысы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

Нызам менен “Баспа жумысы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына баспа бас редакторының ҳуқықый статусын белгилеў, китапқумарлық мәдениятын хошаметлеўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Додалаўлар даўамында депутатлар нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде сиясий партиялар фракциялары тәрепинен берилген бир қатар усыныслар итибарға алынғанын ҳәм олардың көпшилиги ҳүжжет текстинде өз көринисин тапқанын атап өтти.

Нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилди.

Мәжилисте аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда көрип шығылды.

Дүньяда азық-аўқат, әсиресе, аўыл хожалығы өнимлерине болған талап жылдан-жылға артып баратырған бүгинги күнде бул нызам жойбарының әҳмийети үлкен болмақта.

Сол себепли, жойбар жақында Нызамшылық палатасында биринши оқыўда қызғын пикирлесиў тийкарында көрип шығылған еди.

Ҳүжжет екинши оқыўға шекемги дәўирде фермерлер, дийқанлар ҳәм басқа да өним жетистириўшилер менен және бир мәрте додалаўлардан өткерилди.

Мәжилисте депутатлар атыз шетлеринде өним жетистириў бойынша нызамшылық ҳүжжетлери тийкарында енгизилген жаңа тәртипке айрықша итибар қаратты. Оған бола, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен ҳәр жылы 1-январьға шекем суў тәмийнаты ҳәм егин егиў имканияты бар жерлер таңлап алынады ҳәм аймақтың климат шараятынан келип шығып, егин түрлери бойынша ҳәкимликлерге усыныс бериледи.

Ҳәкимликлер тәрепинен болса ҳәр жылы 1-февральға шекем тийисли жылдың зүрәәти ушын атыз шетлеринде жетистирилетуғын өним, олардың түри, нәл, туқым ҳәм ажыратылған жер майданлары бойынша жыллық прогноз көрсеткишлер тастыйықланады.

Сондай-ақ, жаңа тәртипте атыз шетлеринде аўыл хожалығы өнимин жетистиргенлерге фитосанитариялық сертификат бийпул берилиўи, мийўели нәллерди сатып алыў қәрежетлериниң 50 проценти муғдарында субсидия ажыратылыўы ҳәм ҳәр бир өним жетистириўшилерге жәрдем көрсетиў ушын Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң аймақлық инспекторлары бириктирилиўи сыяқлы хошаметлеўши механизмлер бар.

Атап өтилгениндей, әмелдеги нызамшылықта атыз шетлериниң егин егиў белгиленген майданларында жер ийеси өзи қолайлы егин егиўи яки екилемши ижараға берген ҳалда егин егиўин шөлкемлестириўи белгиленген. Егер ўазыйпа орынланбаса, яғный жер ийеси өзи егин екпесе, арттырылған салық төлеўи, екилемши ижараға алыўшы егин екпесе, жәриймаға себеп болады.

Нызам жойбарында республикамыздың айырым аймақларында климат шараятынан келип шығып, апрель айында да дәслепки егин егиў жағдайларының бар екенлигин есапқа алған ҳалда, өнимлерди 1-майға шекем егиў зәрүр екенлиги беккемлеп қойылмақта.

Сондай-ақ, өним жетистирмегени ушын жер ийесиниң аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерине жер салығын арттырылған ҳалда есаплаў жер участкасының тек ғана егин егилмеген бөлеги ушын белгиленетуғыны көрсетип өтилмекте.

Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилип атырған қосымшалар да әмелият пенен үйлесикли ҳалда жетилистирилип, жәрийма тек ғана атыз шетлерин екилемши ижараға алған ижарашыларға қолланылатуғыны белгиленбекте. Бул жәриймалардың муғдары да азайтылып, базалық есаплаў муғдарының бир есесинен үш есесине шекем қолланылыўы нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилди.

Мәжилисте көрип шығылған гезектеги мәселе “Өзбекстан Республикасы аймағында пиротехника буйымларының айланысы ҳаққында”ғы нызам жойбары болды.

Бул нызам жойбары менен айырым пиротехника буйымларын, атап айтқанда, қәўипли аймағы киши болған Бенгал киши маяклары , дастурханды ҳәм тортларды безеўде пайдаланылатуғын ҳәр қыйлы эффектлер бериўши пиротехника буйымларын физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен жаратыў, ислеп шығарыў, Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, тасыў, реализациялаў, сатып алыў, сақлаў ҳәм олардан пайдаланыўға байланыслы әмелдеги тәртип сақлап қалынбақта.

Соның менен бирге, қалған қәўипли түрдеги пиротехника буйымларын болса тек ғана техникалық ҳәм арнаўлы мақсетлерде жаратыў, ислеп шығарыў, сақлаў, тасыў, реализациялаў ҳәм пайдаланыўға руқсат бериў нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбары пиротехника буйымларының айланысы тараўында қадағалаўды күшейтиў ҳәм тәсир илажларының нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў және арнаўлы бейимлестирилмеген шараятларда, белгисиз, сапасыз компонентлерден ислеп шығарылған ҳәм сертификатланбаған, республика аймағына нызамсыз жоллар менен алып кирилген пиротехника буйымларынан халықтың жәбирлениўи ҳәм зыян көриўи жағдайларын сапластырыўға қаратылған.

Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.

ӨзА