Жаңа әўлад спортшыларын таярлаў мәселеси додаланды

Халықтың саламатлығын беккемлеўде денетәрбия ҳәм спорт тараўының орны шексиз.
Бүгинги глобалласып атырған дүньяда тараў кадрларын заман талапларынан келип шығып пүткиллей жаңа бағдарларда таярлаў, жаңа әўлад спортшылары ҳәм тренерлерин жетистириў арқалы нәтийжелиликке ерисиў, ўатанның келешегин белгилейтуғын ҳәр тәреплеме бәркамал инсанды камалға келтириў денетәрбиясы ҳәм спорт тараўы алдындағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.
Спорт министрлиги жанындағы Муўапықластырыўшы кеңестиң гезектеги мәжилисинде бул ҳаққында сөз болды.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, биринши гезекте Жоқары спорт шеберлиги институты ушын таярланған 18 атамадағы оқыў әдебиятлары авторлар тәрепинен қайта көрип шығылып, Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясы ушын сәйкеслендирилген ҳалда баспаға таярланғаны атап өтилди.
Додалаўлар процесинде денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында бакалавриат тәлим бағдарлары студентлери ҳәм қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў курслары тыңлаўшылары ушын таярланған оқыў-методикалық әдебиятлар көрип шығылды.
Пикир-усынысларға бай түрде өткен мәжилисте қәнигелерге сырт ел тәжирийбеси тийкарында оқыў-методикалық әдебиятларды жаңа усыл ҳәм теорияларды енгизген ҳалда таярлаў ўазыйпасы жүкленди.
Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршысы