Ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орай Администрация бойсыныўына өткерилди

157

“Мәмлекетлик басқарыў системасында эффективлилик, проактивлик ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” телеграм каналында хабар берилди.

Пәрманға бола:

Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги сапластырылып, оның мәлимлеме тараўында қадағалаў ҳәм мониторинг бойынша ўазыйпа ҳәм функциялары Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясына өткерилди;

  • Ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орай Администрация бойсыныўына өткерилди;

Наркотиклерди қадағалаў миллий орайы негизинде Наркотиклер ҳәм оқатар қуралларды қадағалаў агентлиги шөлкемлестирилди;

  • Администрация баспасөз хызмети медиа-орайы тийкарында Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайы шөлкемлестирилди;

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги негизинде Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги шөлкемлестирилди;

  • Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры Администрация бойсыныўына өткерилди.

Ҳүжжет пенен 2025-жыл 1-сентябрьге шекем төмендегилерге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары ислеп шығылады:

  • бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, тәкирарланыўшы қадағалаў функцияларын бийкарлаў, қарар қабыл етиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў;
  • аймақларды комплексли раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў бағдарында жергиликли ҳәкимликлердиң экономикалық, ҳәкимшилик ҳәм финанслық ўәкилликлерин және де кеңейтиў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги