Қарақалпақстанлы футболшылар «Нефтьчи» клубы менен шәртнамаға қол қойды

89

Қарақалпақстан футболшылары халықаралық майдандағы табыслары ҳәм шеберлиги менен барған сайын көбирек итибарға ийе болмақта. Бүгинги күнде «Жайҳун» клубы қурамында ойнап киятырған қарақалпақстанлы жас талант ийелери Азизбек Еримбетов ҳәм Нурбек Сарсенбаев Ферғананың «Нефтьчи» профессионал футбол клубы менен рәсмий шәртнамаға қол қойды.

Бул футболшылар тек ғана жергиликли жарысларда емес, ал халықаралық ареналарда да өз шеберликлерин көрсеткен. Олар Өзбекстанның У-17 жаслар сайланды командасы ағзасы есапланып, Саудия Арабстанында өткерилген Азия кубогинде елимиздиң абырайын мүнәсип қорғаған.

«Нефтьчи» клубының бул қәбилетли жасларға болған исеними, әлбетте, келешекте олардың және де раўажланыўы ҳәм жоқары дәрежедеги профессионал футболшыға айланыўына тийкар жаратады.

Қарақалпақстанлы жаслар ушын бул тек ғана үлкен жетискенлик емес, ал басқа да қәбилет ийелерин руўхландыратуғын әҳмийетли ўақыя болды.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы