Әмиўдәрьяда таза ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланбақта

67

Ҳүрметли Президентимиздиң қарарына тийкарланып, Әмиўдәрья районы халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежесин және де арттырыў мақсетинде ири инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда «Азия раўажланыў банки» кредит қаржылары есабынан жәми 42 миллион АҚШ доллары муғдарындағы еки ири жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытта бул жойбарлар шеңберинде қурылыс жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте.

Атап айтқанда, 29 миллион АҚШ доллары қаржысы есабынан алып барылып атырған қурылыс жумысларының нәтийжесинде 68,5 километр магистраль ҳәм 289,2 километр ишки ишимлик суўы тармақлары тартылады. Бул болса районда жасайтуғын 79 мыңға шамалас халық ушын таза ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаўға хызмет етеди.

Екинши ири жойбар шеңберинде болса суткасына 40 мың куб метр таза суў жеткерип бериў қуўатлылығына ийе болған заманагөй «Манғыт» суў тазалаў имаратын жаңадан қурыў белгиленген.

Бул реформалар халықтың турмыс сапасын жақсылаў, саламат турмыс тәризин тәмийинлеў ҳәм экологиялық қәўипсизликти кепиллеўде үлкен әҳмийетке ийе.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги