Кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған шаңарақлардың перзентлери ушын дәслепки раўажланыў орайлары шөлкемлестириледи

116

Ҳүкимет қарары (439-санлы, 14.07.2025 ж.) менен “Дәслепки раўажланыў орайлары ҳаққында”ғы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” Телеграм-каналы хабар берди.

Онда айтып өтилгениндей, бул реже мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынбаған ҳәм айрықша билимлендириўге мүтәж болған балаларға тәлим-тәрбия хызметлерин көрсетиў бойынша Дәслепки раўажланыў орайларын шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.

Орайлар 3-6 жастағы балаларды, атап айтқанда, кәмбағаллық дәрежеси жоқары ҳәм айрықша билимлендириўге мүтәж болған шаңарақлардың перзентлерин қамтып алған ҳалда шөлкемлестириледи.

Орайлар төмендеги 2 модель тийкарында жумыс алып барады:

  • арнаўлы мектепке шекемги билимлендириў хызмети модели – педагоглар тәрепинен айрықша билимлендириўге мүтәж шаңарақлардың 2-7 жасар перзентлери ушын жасайтуғын жерине барған ҳалда тәлим-тәрбия процесин шөлкемлестириў;
  • ойын топары модели 3-6 жастағы балалар ушын Орайларда шөлкемлестирилген қысқа мүддетли (3,5-4 саат) топар.

“Орайлар район (қала) лық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими жанында шөлкемлестириледи. Орайларға қабыл етилген барлық тәрбияланыўшылардан ата-ана төлеми өндирилмейди,” – делинеди хабарда,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги