Биринши “тири жасалма интеллект” жаратылды
139

Илимпазлар биринши “тири AI” ды жаратты – ол клеткаларды генетикалық машқалаларды шешиўге үйретеди.
PROTEUS усылы тезлестирилген мутациялар сериясы арқалы генлердиң басқарылатуғын раўажланыўына таянады. Ол жасалма интеллектти үйретиў ушин Reinforcement Learning усылынан пайдаланған – тек ең жақсы мутациялар сақланып қалады.
Технология жәрдеминде денени “программаластырыў” мүмкин, мәселен, ыссыға тезирек бейимлесиў яки мурын ағыўынан пүткиллей қутылыў,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги