ҚХР Баслығы Өзбекстан сыртқы ислер министрин қабыллады

109

Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидовты қабыллады.

Дәслеп министримиз Қытай жетекшисине Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң жақсы тилеклерин жеткерди.

Тәреплер саўда, транспорт өз-ара байланыслылық ҳәм мәдений алмасыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларға айрықша итибар қаратқан ҳалда, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.

Избе-из раўажланыў, регионаллық турақлылық ҳәм улыўма абаданлықты тәмийинлеў мақсетинде ШБШ шеңберинде ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти буннан былай да тереңлестириў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге таярлық тастыйықланды.

 ӨзА