Қарақалпақстанлы 5 спортшы жәҳән чемпионатына қатнасады

177

22-30-июль күнлери Грузия пайтахты Тбилиси қаласында қылышласыў бойынша жәҳән чемпионаты болып өтеди.

Өзбекстан қылышласыў федерациясы бул жарыста сайланды команда қурамында қатнасыўшы спортшылардың атын жәриялады. Қуўанышлы тәрепи сонда, бул дизимде қарақалпақстанлы спортшылар да бар. Атап айтқанда, қылышласыўдың шпага түри бойынша қызлар командасында Дилназ Мурзатаева, сабляда Зайнаб Дайыбекова менен Гүлистан Пердебаева ҳәм жигитлер арасында Исламбек Абдазов ҳәм Муса Аймуратовлар Өзбекстан сайланды командасы қурамында елимиз абырайын қорғайды.

Мәмлекетимиз спортшыларына бул жарыста да әўмет яр болыўын тилеп қаламыз!

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.