Тапсырмалар тийкарында жедел жумыслар жүргизилмекте

114

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын турмысқа енгизиў бағдарындағы 330-санлы қарарынан келип шығып, орынларда халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, инфраструктураны жақсылаў, соның ишинде, электр тәмийнаты системасын жетилистириў бойынша анық ўазыйпалар белгиленген.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы тәрепинен Төрткүл районындағы “Келтеминар” аўыл пуқаралар жыйынының 3-бөлиминде жасаўшы халық ушын қосымша трансформатор пунктлерин орнатыў ўазыйпасы жүкленген еди,-деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

Бүгинги күнде усы тапсырма тийкарында аймақта жоқары күшлениўли ҳаўа электр тармақларын қурыў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул имараттың қурылыўы нәтийжесинде халықтың электр энергиясына болған талабы қанаатландырылып, үзликсиз ҳәм турақлы тәмийнатқа ерисиледи.

Жойбардың толық әмелге асырылыўы тек ғана бар машқалаларды сапластырыўға емес, ал жақтыландырыў, өндирислик имканиятларды кеңейтиўге де хызмет ететуғынына исенемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги