Халықтың турмыс сапасы арттырылмақта

Ишимлик суўы менен тәмийинлеў тараўын раўажландырыў, халық ушын қолайлы ҳәм саламат турмыс шараятларын жаратыў – мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Усы мақсетте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 4271-санлы қарарына муўапық, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында “Өзбекстанның Батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў” жойбарының әмелге асырылыўы белгиленген.
Усы ири инфраструктуралық жойбар шеңберинде Беруний районында 2024-2026-жыллар даўамында басқышпа-басқыш әмелий жумыслардың алып барылыўы режелестирилген. Жойбар ушын жәми 25 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылған болып, бул қаржы район халқын таза ишимлик суўы менен үзликсиз тәмийинлеў, бар суў тармақларын жаңалаў ҳәм жаңа заманагөй объектлерди қурыўға бағдарланады.

Ҳәзирги ўақытта Гүлистан мәкан пуқаралар жыйыны аймағында ишимлик суўы тармақлары толық жаңаланып, жаңа қубырлар тартылып болған. Бул жумыслар жуўмақланғаннан соң, аймақтағы жолларды абаданластырыў жумысларына да усы жойбар қаржылары есабынан старт берилди.
Ең әҳмийетлиси, бундай жумыслар тек ғана Гүлистан мәҳәллесинде емес, ал Беруний районындағы басқа да мәҳәллелерде де избе-из даўам еттириледи. Бул болса пүткил район халқының турмыс сапасына унамлы тәсир көрсетиўи, саламат турмыс шараятының жаратылыўына хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги