“Басламалы бюджет” процесслериниң 2-мәўсими басланды
190

Бүгин, 15-июльден “Ашық бюджет” порталында “Басламалы бюджет” процесслериниң 2025-жылғы 2-мәўсими шеңберинде жойбар киргизиў басқышы басланды.
Еслетип өтемиз, процесслер төмендеги сәнелерде:
Жойбар киргизиў басқышы – 15-июль – 3-август;
Сайлап алыў басқышы – 4-18-август;
Үгит-нәсиятлаў басқышы – 19-21-август;
Даўыс бериў басқышы – 22-31-август күнлери өткериледи.
Өз аймағыңыздағы бар машқалаларды шешиў бойынша баслама көрсетиң, белсенди болың!
ӨзА