Ван И: Қытай ҳәм ЕА бир-бирине қарсылас емес, бирге ислесиўши болыўы керек

126

Қытай Халық Республикасы сыртқы ислер министри Ван И Пекинде Мальта Бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер ҳәм туризм министри Ян Борг пенен ушырасты. Бул ҳаққында мәмлекет СИМ мәлим еткен.

Сөйлесиў ўақтында Ван И еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди саўда, туризм ҳәм билимлендириў тараўларында және де беккемлеў керек екенлигин атап өткен.

Сондай-ақ, Қытай ҳәм Европа Аўқамы қатнасықларында тәреплер бир-бирин “бәсекилес емес, бирге ислесиўши” сыпатында көриўи керек екенлигин атап өтип, сөйлесиў ҳәм шерикликти кеңейтиўге шақырған.

Өз гезегинде Ян Борг та бир қатар  келиспеўшиликлер “сөйлесиў ҳәм мәсләҳәт” арқалы шешилетуғынына исеним билдирген.

Дипломатиялық қатнасық орнатылғанына 50 жыл толған ҚХР ҳәм ЕА жақында жоқары дәрежедеги ушырасыў өткериўди режелестирмекте. Илаж Қытайда июль айының ақырғы ҳәптесинде болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги