ЖМЛ Бас хаткери Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайының баслығын қабыллады

Саудия Арабстаны Патшалығының жетекши мәлимлеме агентлиги SPA, сондай-ақ, “Al-Jazirah”, “Al-Madina”, “Youm7”сыяқлы бир қатар басылымлардың жазыўынша, Жәҳән мусылманлары лигасының Бас хаткери, Мусылман уламалары аўқамының баслығы шайх Муҳаммад бин Абдулкарим Ал-Иса Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Ислам цивилизациясы орайының басшысы доктор Фирдавс Абдухолиқов пенен ушырасты. Меккаи Мукаррамада, усы халықаралық структура мәкемесинде болып өткен сөйлесиў ўақтында Ислам цивилизациясының үгит-нәсият жумыслары, атап айтқанда, надурыс түсиник ҳәм унамсыз ҳәдийселерге қарсы турыўдағы әҳмийети атап өтилген.
Ф.Абдухолиқов мәмлекетимиз атынан ЖМЛның ислам дүньясындағы ҳәрекетин, халықаралық көлемдеги абырай-мәртебесин тән алды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң резиденциясында өткерилген Халықаралық исламафобияға қарсы гүресиў күнине бағышланған биринши халықаралық илажда Бас хаткер мусылман халықларының ўәкили сыпатында шығып сөйлеген сөзин жоқары баҳалады.

ӨзА