Тарийх сынақларынан өткен ҳақыйқатлық

Өзбек ҳәм қырғызды ҳеш ким ҳәм ҳеш қандай күш бир-биринен ажырата алмайды
1.
Еки түркий қәўим – өзбек-қырғыз дослығы ҳаққында сөз болғанда, көпшилик узақ өтмиштен ҳикмет излеўге кирисип кетеди – мисли ҳәзирги күнлеримизде бул туўысқанлық байланысларын сәўлелендиретуғын бир мысал жоқтай. Дурыс, жақын тарийхта сондай ўақыялар бақланды, ақыбетинде бул еки халықтың туўысқанлығы ҳаққында айтыўдың өзи де астарлы мәнисти сәўлелендиретуғындай болып қалған еди. Бирақ тарийх дегени мың жыллардан берли бирге жасап киятырған еки қоңсы халықтың бурынғы дүзим ўақтында қәлиплескен түсиниксиз тартысыўынан ибарат емес.
Аўа, кешеги аласапыран күнлеримиз бүгин тарийхтың қара бир көлеңкеси болып қалды. Бирақ өтмиш ҳәм келешек алдында ол не деген сөз?! Қалаберди, биз көрген қарама-қарсылықлар, өкпе-гийне ҳәм өз-ара исенимсизликтиң не себеп болғанын, бул ислердиң артында қандай күшлер турғанын ҳәм олардың мақсетлери неден ибарат екенин бүгин жүдә жақсы түсинип алдық. Бул – жүдә әҳмийетли фактор. Себеби, халықлар өзиниң ким екенлигин, өзлигин билмесе, аңламаса, буннан жаманы жоқ. Бирақ бабалардан қалған бир нақыл бар, айыпты тек шеттен излеў де әдилликтен емес.
Егер мәселеге усы тәризде қатнас жасайтуғын болсақ, айырым унамсыз ислер өзимизден өткениниң гүўасы болыўымыз мүмкин. Айырым аналитиклер өз-ара қатнасықлардың кескинлесиўинде ҳәр еки тәрептиң сиясий элиталары жетерли дәрежеде “баслама” көрсеткенин бийкарламайды. Мәселен, қырғызстанлы сиясаттаныўшы Емилбек Жўраев бир мақаласында 2016-жылға шекем еки мәмлекет арасындағы байланыслардың кескинлесиўи себепли арадағы суўықлық узақ даўам еткенин ҳәм айырым тараўларда бирге ислесиў пүткиллей тоқтап қалғанын, барлық түрдеги қатнасықлар турақсыз ҳәм ашық кеўилден болмағанын жазады. Оның пикиринше, айырым орынларда жоқары басшылар арасындағы бир-бирин ашықтан-ашық жақтырмаўшылық, дос емес баянатлар бериў жағдайлары тартыслы жағдайлардың кескинлесиўине шекем алып келген…
Енди бир ойлап көриң, тили, дини, мәденияты, тарийхы ҳәм тәғдири бирдей болған еки халық, қоңсы мәмлекетлер қашанға шекем усы тәризде жасаўы мүмкин еди, тилекке қарсы, буннан ким утады ҳәм ким жеңиледи?!
Ҳәзир бул ҳаққында көп айтпақшы емеспен. Мен бир зиялы, қалаберсе, өмири узақ жыллар сиясат пенен байланыслы болған адам сыпатында өзбек ҳәм қырғыз халықларының бир-бирине болған меҳир-муҳаббаты, садықлығы ҳаққында сөз етпекшимен. Өйткени, халықларымыз арасында сондай кеңпейиллик бар, бул туўысқанлық байланысы бизлерди бир-биримизге ҳәмийше байланыстырып турады. Өзбек ҳәм қырғызды ҳеш ким ҳәм ҳеш қандай күш бир-биринен ажырата алмайды, деп ойлайман. Бул – тарийх сынақларынан өткен ҳақыйқат!
Бундай жағдайлар пайда болыўының, әлбетте, себеплери бар. Өтмиште “қайта қурыў” ҳәм “жәриялылық” деп аталған заманларды бүгин жүдә аз адам еслейди. Бурынғы дүзимниң тарқалыўы алдындағы “империяныӊ ҳәлсиреўи” миллий республикалар халықларының басына жүдә көп қайғылар келтиреди. Соның ишинде, өзбек халқы да әйне сол дәўирлерде “Өзбек иси,” “Пахта иси” деген өсеклердиң ақыбетинде көп жәбир көрди. Мыңлаған адамлар репрессияға ушырады, жала ҳәм дөҳмет уйымластырылып, миллеттиң атын қаралаўға ашықтан-ашық урынды.
Ҳеш умытпайман, әйне сол жыллары бурынғы орайдың бас идеологиялық-сиясий жаршысы болған “Правда” газетасында (1988-жыл 13-февраль) дүньяға белгили жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың “Қайта қурыў, жәриялылық – аманлық тереги” (“Перестройка, гласност – древо выживания”) мақаласы басылды. Мақаланыӊ мазмун-мәнисине бола, бурынғы орай тәрепинен аяўсыз қысымға, сиясий репрессияға тартылған Өзбекстан ҳәм өзбек халқын қорғаўға қаратылған еди.
Айтматов онда, атап айтқанда, былай деген еди:
“Өзбек халқының мәмлекет ушын ислеген мийнетин бирме-бир санай берсек, булардың барлығы басымызды төмен ийип, тәжим етиўге арзыйды. Әййемнен өзбек мәдениятының Орта Азияға көрсеткен тәсирин әййемги Византия Әййемги Русқа көрсеткен тәсири менен салыстырыў мүмкин.
Советке шекемги дәўирлерде ҳәм совет дәўиринде де Өзбекстан бизиң Шығыстағы сөзимиз ҳәм жүзимиз болып келди. Жоқ, өзбек халқының таза жүзине ҳеш нәрсе дақ түсирмейди!…”
Әне, усы цитата өзбек баспасөзи ҳәм әдебиятында – мақалалар, илимий жумыслар ҳәм көркем шығармаларда жүдә көп мәрте мақтаныш пенен тилге алынған. Бирақ бул жалынлы сөзлер қанша көп тән алынса да гөнермейди, қуны төменлемейди.
2.
Сөзимниң алдында-ақ айтып өтейин, мен бул рет глобаллық мәселелер ҳаққында емес, көбирек әпиўайы адамгершилик, инсаный ҳақ кеўиллилик, әпиўайыластырып айтқанда, қоңсылардың бир-бирине болған меҳир-муҳаббаты, ҳақ кеўиллилиги арасындағы жағдайды қалай өзгертип жиберетуғыны ҳаққында сөз етпекшимен. Әне, усы ҳәдийсе бүгин еки халық, еки мәмлекет турмысында бақланып атырған дослық қатнасықлардың уллысы болып есапланады.
Ҳеш умытпайман: Президент Шавкат Мирзиёев жумыс баслаған дәслепки ўақытлары-ақ Жиззақ ўәлаяты Дослық районындағы Манас аўылын абат етиўге кирискен ҳәм буннан көпшилик ҳайран болған еди. Ашық айтаман, сол ўақытлары арамызда “өзимиздиң аўыл ҳәм мәҳәллелеримиз қалып, неге Манас абаданластырылады” дегенлер де болған еди. Тийкарынан этникалық қырғызлар жасайтуғын бул аўыл совет дәўирлеринде шөлкемлестирилген болып, узақ жыллар “көзден таса” болып қалғанын ҳәммемиз жақсы билемиз. Шавкат Мирзиёевтиң кейин ала пүткил мәмлекет бойлап қамтып алған “Абат аўыл” бағдарламасы не ушын әне, усы жерден басланғанын бүгин көпшилик түсинди. Өзбекстанның жаңа басшысы бул ҳәрекети менен “Биз бир елмиз, бир халықпыз, бизиң тамырымыз бир” деген ҳақыйқатты көрсеткен еди. Өйткени, совет дәўирлеринде қәлиплескен, дурысырағы, үлкен “аға”мыздың қысымы менен жасалма жуқтырылған ҳәм оннан кейин де менсинбеўшилик пенен қараған миллий айырмашылық регион мәмлекетлериниң бирлигине тосқынлық етиўши тийкарғы “идеология” болғанын бүгин ҳәммемиз жақсы түсинемиз.
Өзбек ҳәм қырғыз, улыўма, регионымыз халықларын тек ғана “асхана мәденияты” бир-бирине байланыстырып турмайды. Еки халық тәғдириниң уйқаслығы, ет пенен тырнақтай бир екенлигиниң және бир мысалы сыпатында еллеримиздиң машқалаларының бирдейлигин де келтириў мүмкин. Мәселен, жумыссызлық ҳәм мигрантлар мәселеси… Билесиз, бул машқаланың соңғы 25 жыл даўамында бирден-бир шешими мийнет миграциясы болды. Буннан да аўыры шегаралар ҳәм трансшегаралық дәрьялар әтирапындағы мәселелер еди. Олар тийкарынан жүдә қыйын, узақ жыллардан берли шешимин күтип атырған жумыслар еди.
Жылдан-жылға шийеленисип баратырған, еки тәрепти де кем-кемнен өзиниң ишине тартып баратырған бул “қара қурдымныӊ” аўзын бизге ким жаўып, машқалаларымызды ким шешип береди? Ҳеш ким! Оның ушын болса, бәринен бурын, региондағы социаллық-идеологиялық орталық – халықларымыздың санасын өзгертиў талап етилетуғын еди.
Усындай аўыр ўақытта Шавкат Мирзиёевтиң дәслепки исенимли қәдемлери – шегара, суў бассейнлери ҳәм дәрьялардан пайдаланыў және экономикалық-мәдений тараўлардағы өмиршең өзгерислер өз-ара қатнасықларды жедел ҳәм ҳәр тәреплеме жақсылаўдың бийбаҳа үлгиси сыпатында көпшиликти таң қалдырғаны ҳақыйқат. Сөз дәлили менен болыўы ушын анық мысал келтиремен: Қырғызстанда 2016-жылы, яғный өзгерислерден алдынғы дәўирде өткерилген социаллық сораўда қатнасыўшы-респондентлер Өзбекстанды ең душпан емес мәмлекетлерден бири, деп есаплаған болса, 2017-жылғы сораўларда ең жақын дос мәмлекетлерден бири сыпатында атап өткен… Өз-ара байланыслардың бундай тез жылыўы тек ғана халықларымыз емес, ал халықаралық жәмийетшилик, жергиликли сиясатшылар, бийғәрез экспертлердиң де итибарын тартты. Мәселен, жоқарыда атын келтирген қырғызстанлы эксперт Емилбек Жўраев өз мақаласында былай жазады:
“2024-жыл 18-19-июль күнлери Президент Садир Жапаровтың Өзбекстанға мәмлекетлик сапары әмелге асырылды. Еки мәмлекет басшылары ҳәм өз-ара сөйлесиўлердиң басқа да қатнасыўшылары жуўмағында бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарларына байланыслы 16 ҳүжжетке қол қойды, келешектеги үлкен ҳәм соның менен бирге турмыслық мақсетлерди белгилеп алды.
Қырғыз баспасөзи Президент Шавкат Мирзиёевтиң, еки мәмлекет қатнасықларындағы конструктивизм принципин (win-win) анық-айдын сәўлелендирген “Бизге күшли ҳәм абадан қоңсы – Қырғызстан керек,” деген сөзлерин келтирди. Бул – тек ғана миймандослық ямаса ҳүрмет белгиси емес, ал еки дос мәмлекеттиң ҳақыйқый дослық қатнасықларының тастыйығы сыпатында қабыл етилди. Себеби, бир мәмлекеттиң гүллеп-раўажланыўы ҳәм абаданлығына оған қоңсы мәмлекетте де сондай шараят турақлы болғанда ғана ерисиў мүмкин.”
3.
Емилбек Жўраев Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Бизге күшли ҳәм абадан қоңсы – Қырғызстан керек,” деген шығып сөйлеген сөзи қырғыз баспасөзиниң бас темасына айланғанын айтып, бул арқалы бир ҳақыйқатты тастыйықлайды. Аўа, өзбек Лидериниң жүректен қәлеген, қәлбин жандырған нийет усы еди. Бул қәлеў, күшли тилек, бәлким ашық айтылмаған болса да, тап сол Манас аўылын абат етиў жумыслары басланған ўақытларда бөрте баслаған еди.
Жоқарыда Халықаралық республикалық институт тәрепинен 2017-жылы Қырғызстанда өткерилген халықтың социаллық пикири сораўында туўысқанларымыз Өзбекстанды ең дос мәмлекет, деп баҳалағанын 2024-жыл Олимпиада жарыслары процесслеринде де көрип оғада қуўандым. Еки туўысқан халық бир-бириниң спортшыларын тап өзиникиндей қоллап-қуўатлады, жәрдемлести. Сонда анығырақ көрдим, дослық ҳәм аўызбиршилик және де беккемленген, халықларымыз тамырларымыз да, тәғдиримиз де бир екенин және де тереңирек аңлаған.
Және мен уллы жазыўшымыз Шыңғыс ағадан алынған сөздеги бизге болған жанкүйерлик, меҳир ҳәм шын кеўиллилик, “өзимдики” деп қайғырыўды мине, усы жарыслардағы бир-бирине қайырқомлықта көрдим…
Булар – жүдә үлкен тарийхый жетискенлик!
4.
Әлбетте, бундай ҳәдийселер өз-өзинен жүз бермейди. Бундай тарийхый миссияларды әмелге асыратуғын шахслар болады. Тәғдир халықларымыз бахтына усындай Лидерлерди берди. Бир-бирин ағам, иним деп қарап атырған Шавкат Мирзиёев ҳәм Садир Жапаровларға буннан басқа қандай сыпатлама бериў мүмкин?!
Бир ўақытлардағыдай “сен зор, мен зор” деген “бирге ислесиў”лерден пүткиллей ўаз кешкен еки басшы мәмлекетлеримиздиң раўажланыўына, жақын қоңсышылық байланысларының беккемлениўине тырнақ тасын қойды, десем асыра айтқан болмайман. Ең әҳмийетлиси, өз-ара ҳүрмет, мәсләҳәт ҳәм қызғын қатнасықларымызды және де жылытпақта.
Мен регионымыздың сиясий турмысын жүдә узақ жыллардан берли бақлап келемен ҳәм бул процессте бурын болмаған бир нәзик мәселе дыққатымды тартады: бизде қоңсы мәмлекетлердиң басшылары бир-бири ҳаққында оғада аз жағдайларда жыллы пикирлер билдирген. Айтылған гәплер де көбинесе сиясат ямаса протокол ушын болған. Мирзиёев ҳәм Жапаров арасындағы мүнәсибет аға-ини арасындағы туўысқанлық мүнәсибетине уқсайды. Мәселен, усы жылдың (2025-жыл) басында Садир Жапаров Өзбекстанға келди. Журналистлеримиз “рәсмий” деп түсиндирген бул сапар пайтахт Ташкентке ямаса мәмлекетимиздиң басқа да орайлық қалаларына емес, Ташкент ўәлаятының Бостанлық районындағы “Амирсай” курорт комплексине әмелге асырылды. Ол жерде еки мәмлекет басшысы әпиўайы адамлардай, яғный артықша сиясий “штрихлар”сыз отырып, сәўбетлескенин сәўлелендириўши сүўретлер сол күни баспасөз ҳәм социаллық тармақларда тарқалды. “Галстуксыз” ушырасыў, тәбийғый, ҳәр еки мәмлекет жәмийетшилигинде, жәмийетлеринде қызғын додаланды. Себеби биз бундай “сапар”ларды көрмегенбиз, көзимиз үйренбеген еди…
5.
2021-жыл 28-январьда “BBC”диң қырғыз хызмети Садир Жапаров пенен сәўбет өткерди. “Қырғызстанда сиясий басқарыў формасы өзгериўинде сизиң Президентлик “қәбилетиңиз” авторитар басқарыўға айланып кетпеўине кепиллик бере аласыз ба?” деген сораўға жуўап берип, Садир Жапаров өз пикир ҳәм көзқарасларын бүгинги Өзбекстан ҳәм оның жетекшиси Шавкат Мирзиёевтиң жумысы ҳәм алып барып атырған сиясаты мысалында сәўлелендириўге ҳәрекет етти:
– Бул ҳәр бир адамның өзине байланыслы, – деди ол соның ишинде. – Менде авторитар басқарыўды орнатаман деген нийет жоқ, ондай болмайды да. Оған күшимиз де, потенциалымыз да жетеди. Ўақты келип, буның дәлилин көресиз. Биз нызамлылық ҳәм әдиллик диктатурасын орната аламыз. Қудай қәлесе, буны орнатамыз да. Буған мысал ретинде қоңсы Өзбекстанды айтыўым мүмкин. Ол жерде өткен дәўирде күшли диктатура бар еди. Буны жер жүзи де, биз қоңсы мәмлекетлер де билгенбиз. Шавкат Миромонович Мирзиёев келгеннен соң диктатураны алып таслап, дүньяға есигин ашты. Мине, ҳәзир қандай өзгерислер болып атыр. Егер ол қәлесе, жумысты дәстүрий усылда даўам еттириў мүмкин еди. Бирақ ол бундай етпеди, мәмлекетти ашты. Қоңсылар ҳәм узақ сырт елдеги мәмлекетлер менен дослық бирге ислесиўди тикледи. Соның ушын да бүгин Өзбекстанға инвестиция кирип келип, экономикалық өсиў болып атыр, халықтың турмысы жаңаланбақта. Соның ушын да ҳәммеси адамның өзине байланыслы, деймен…
6.
Сөзимиздиң алдында қырғызстанлы сиясий аналитиктиң…”айырым орынларда жоқары басшылар (қырғыз-өзбек) арасындағы бир-бирин ашықтан-ашық жақтырмаўшылық, дос емес кемситиў жағдайлары жәнжелли жағдайлардың кескинлесиўине шекем алып келген…” деген сөзлерин бийкарға келтирмеген едим.
Негизинде жағдай сондай еди. Ҳәттеки сиясий элиталар арасындағы суўықлық себепли еки қоңсы мәмлекет арасында бир неше жыллар дипломатиялық байланыслар да музлап қалғаны бар гәп. (Мысалы, Өзбекстан бир мүддет, яғный 2010-жылдан 2013-жылға шекем Қырғызстанға өз елшисин тайынламаған болса, Қырғызстанның Ташкенттеги елшиси орны да 2010-2011-жылларда бос турған.) Әне, усы ўақыялар ҳәм Садир Жапаровтың бүгинги күнлеримизде “ВВС”ға берген интервьюиндеги Өзбекстан ҳәм оның Президенти ҳаққындағы пикирлери туўысқан халықлар ҳәм қоңсы мәмлекетлер арасындағы қатнасық қысқа мүддетте қандай өзгергенин сәўлелендириў ушын жақсы мысал бола алады, деп ойлайман.
Усы жерде мени бир нәрсе оғада қуўандырады, ҳүрметли жазыўшымыз Шыңғыс Айтматовтың қәлбин ийелеген өз-ара дослық, туўысқанлық ҳәм туўысқанлыққа болған муҳаббат оты бүгин халықларымыз, еллеримиздиң жүрегинде қайтадан жалынламақта.
Әҳмийетлиси, бул ислерде бәршемизге мәмлекетлеримиз басшылары Шавкат Мирзиёев ҳәм Садир Жапаров үлги болмақта.
Қудратилла РАФИҚОВ
сиясаттаныўшы,
Қарақалпақстан хабар агентлиги