Нью-Йоркта Марстың Жердеги үлкен бөлеги аукцион саўдасына қойылды

119

Жер бетинде табылған Марстың ири бөлеги сәршемби күни аукционға қойылады. Оғада сийрек ушырасатуғын, планетамызға тийисли болмаған бул элемент 4 миллион долларға шекем сатылыўы мүмкин екенлиги болжанбақта.

Сырт ел ғалаба хабар қуралларының хабар бериўинше, “Sotheby’s” аукцион үйи метеоритке 1,6 миллион доллар дәслепки баҳа қойды. Мағлыўматларға қарағанда, жеримизде табылған Марстың бурынғы ең үлкен бөлегинен шама менен 70 есе үлкенирек бул зат Жерге 225 миллион километр жол басып келген ҳәм Саҳраға қулаған. Метеорит аўлаўшы табылманы 2023-жыл ноябрь айында Нигерде тапқан.

Марс бөлеги Жерде таң қаларлық дәрежеде сийрек ушырасады екен. Ҳәзир планетамызда 77 000 нан артық тән алынған метеорит бар. Соннан тек ғана улыўма салмағы 375 кг келетуғын 400 и Марсқа тийисли.”Sotheby’s” ўәкилиниң айтыўынша, табылған буйымның салмағы 24,67 килограмм. Бул ҳәзир Марстың Жерде анықланған барлық элементлериниң 6,5 процентин қурайды.

Қәнигелердиң пикиринше, метеорит бетиндеги ойықшалар жыныс атмосферадан ҳәрекетлениўи ўақтында сүйкелистиң нәтийжесинде пайда болған.”Sotheby’s Natural History” сатыўы шеңберинде өтетуғын гезектеги “Ким зыят саўдасы”нда метеоритлер, сондай-ақ, басқа да минераллар ҳәм қазылма буйымлар да бар.

Г.Сатторова, ӨзА