Германия ЕА ҳәм АҚШты саўда келиспеўшилигине прагматикалық шешим табыўға шақырды

Германия экономика министри Катерина Рейхениң айтыўынша, АҚШ тарифи ески континенттиң экспорт компанияларына сезилерли тәсир еткенлиги себепли, Европа Аўқамы ҳәм АҚШ саўда келиспеўшилигине имканы болғанынша тезирек “прагматикалық” шешим табыўы керек.
Президент Дональд Трамп шемби күни АҚШ 1-августтан баслап Европа Аўқамы мәмлекетлеринен кирип келетуғын товарларға 30 процент салық енгизилетуғынын, алдын енгизилген тармақ бажысы да өз күшинде қалатуғынын мәлим етти.
“Bild” газетасы Рейхениң пикиринен төмендеги сөзлерди келтирген: – Қалған ўақыт ишинде ЕА келиспеўшиликтиң тийкарғы ноқатына бағдарланған шешим бойынша АҚШ пенен прагматикалық тәризде келисиўи керек. Биз бул бағдардағы комиссияны қоллап-қуўатлаймыз. Тариф Европа ҳәм ҳәзирги ўақытта Атлантика океанының аржағындағы экономика ҳәм тутыныўшыларға да күшли тәсир көрсетеди. Сөйлесиўдиң прагматикалық нәтийжесине тезирек ерисиў керек.
Алдынырақ Европа комиссиясы басшысы Урсула фон дер Ляйен АҚШ тәрепинен ЕАға жаңа бажы сиясатының енгизилиўи тийкарында 1-августқа шекем саўда келисимин дүзиў нийетинде екенин билдирген еди.
С.Раҳимов, ӨзА