Астрономлар қуяш жеделлескенин мәлим етти

139

Қуяштың жеделлесиўи июль айында орташа көрсеткишке салыстырғанда дерлик үш есеге артып, еки күннен аз ўақыт ишинде 17 мәрте жарылыў жүз берген. Бул процесс глобал өзгешеликке ийе. Россия Илимлер академиясы Аспан изертлеўлери институты Қуяш астрономиясы лабораториясының жуўмағы усындай.

– 11-июль күни Қуяшта белсенди орайлар саны ҳәм майданы тез өсти: соның ишинде Жерден көринбейтуғын арғы тәрепте де, – делинеди лаборатория сайтында. – Бул процессти ҳәзир «Solar Orbiter» космослық қурылмасы бақлап бармақта. Басқаша айтқанда, жеделлесиў дүнья көлеминде артқан.

Астрономлар шемби күни азаннан Қуяштың шеп шетинде еки мәрте күшли, М дәрежели жарылыўды бақлаған.

Атап өтилиўинше, бундай жеделлик Жер ушын тиккелей қәўип туўдырмайды.

Институт Қуяш астрономиясы лабораториясының басшысы Сергей Богачев алдынырақ “РИА Новости”ге Жерде ири қуяш жарылыўы ҳәм магнит бораны қәўпи және еки-үш жыл сақланып қалатуғынын айтқан. Май айында алынған мағлыўматқа тийкарланып, ол ҳәзирги 25-категорияның ең жоқары дәрежеси өткенин болжады.

Илимпаздың атап өтиўинше, қуяштың жеделлиги анық  төменлеў басқышына өткен ҳәм 2030-жылға шекем тоқтайды. Кейинги шоққы 2034-2036-жылларға туўра келеди.

С.Раҳимов, ӨзА