Өзбекстан ҳәм Түркия саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўди күшейтеди

104

Анкара қаласында Өзбекстан елшиханасы ҳәм Түркия Сыртқы экономикалық байланыслар бойынша кеңеси (DEIK) “Түркия-Өзбекстан” комитети менен биргеликте дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Илажда дипломатиялық миссиямыз ўәкиллери ҳәм Комитет баслығы Ўзгур Ўнар Ўзгувен басшылығындағы DEIK ағзаларынан ибарат делегация қатнасты.

Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық мәселеге айрықша итибар қаратты. Түрк бизнесиниң ўәкиллери энергетика, аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы тараўларда шерикликти жеделлестириўге айрықша қызығыўшылық билдирди. G2B ҳәм B2B форматларында әмелий ушырасыўлар өткериў, сондай-ақ, биргеликтеги илажларды шөлкемлестириўге өз-ара таярлық тастыйықланды.

2025-жылдың биринши ярымында Бухара, Хорезм, Наманган, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласын қамтып алған “12 ай – 12 аймақ” вебинар бағдарламасын өткериў басламасы жоқары баҳаланды. Комитет басшысы анық келисимлер нәтийжесинде түрк компаниялары сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў ушын елимизге келетуғынын атап өтти.

Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм таў-кән санаатында шерикликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Дөгерек сәўбетинде Өзбекстан делегацияларының сапарын дәстүрге айландырыў, түрк инвесторларын аймақларымызда әмелге асырылатуғын перспективалы басламаларға тартыўға жәрдемлесиў тилегин билдирди.

Ушырасыў тәреплердиң еки мәмлекет арасындағы исеним ҳәм өз-ара пайдаға тийкарланған бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге умтылысы барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.

Азиза Алимова, ӨзА