Реабилитация орайындағы жаңа өмир

192

Бүгинги күнде суў жетиспеўшилиги пүткил дүньяда әҳмийетли машқалаға айланбақта. Жаўын-шашынның азайыўы, глобал ысыў процесслери ҳәм таза ишимлик суўына болған талаптың артыўы бизди барлық тараўларда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оған болған қатнасымызды қайта көрип шығыўға ийтермелемекте.

Усы мақсетте БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Япония ҳүкимети, Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен биргеликте экологиялық турақлылыққа қаратылған «Жокасо» жойбары турмысқа енгизилмекте. Усы баслама шеңберинде ақаба суўларды орайластырылмаған ҳалда тазалаўшы заманагөй системалар енгизилмекте.

2025-жыл март айында Нөкис районындағы майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайына «Жокасо» системасы орнатылды. Ҳәр жылы 3,5 мыңға шамалас наўқасқа хызмет көрсететуғын бул мәкеме енди исенимли таза суў дәрегине ийе болды. Бул тек ғана гигиеналық шараятларды жақсылап қоймастан, ал орайдың жумысының турақлылығына да унамлы тәсир көрсетти.

Ең қуўанышлысы, «Жокасо» арқалы тазаланған суўды қайта пайдаланыў имканияты себепли орай өз аймағында мийўе-палыз жетистириўди жолға қойды. Бул болса наўқасларды тәбийғый, тойымлы аўқат пенен тәмийинлеўге хызмет етпекте. Соның менен бирге, бүгинги күнде орайда экологиялық қатнас тийкарында жасыл аймақлар кеңейтилмекте, тереклер егилмекте, қоршаған орталықтың улыўма көриниси болса наўқаслардың тек ғана физикалық емес, ал руўхый саламатлығына да унамлы тәсир етпекте.

Жақында бул орайда қала ҳәм районлардағы жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлери ўәкиллериниң қатнасыўында әмелий көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Семинарда «Жокасо» системасының ислеў процеси, оннан пайдаланыў тәртиби және экологиялық ҳәм экономикалық пайдалары көрсетилди. Қатнасыўшылар бул системаны өз аймақларында да енгизиў имканиятларын додалады.

Усындай басламалар арқалы пуқаралардың турмыс сапасының артыўы, тәбиятқа болған итибардың артып барыўы ҳәм турақлы экологиялық орталықтың жаратылыўына жол ашылмақта. Нөкис районындағы Реабилитация орайының тәжирийбеси басқа аймақлар ушын да үлги бола алады.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы