Мини-футбол жарысында жеңимпаз нуранийлар анықланды

117

Соңғы жыллары елимизде кексе әўлад ўәкиллериниң жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, олардың турмыслық тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыўға қаратылған реформалар системалы түрде әмелге асырылмақта. Усы мүнәсибет пенен, мәҳәллелерде нураныйларды физикалық белсенди турмысқа тартыў, олар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде түрли илажлар ҳәм спорт жарыслары шөлкемлестирилмекте.

Беруний районында “Ғайратлы кекселер” сүрени астында райондағы нураныйлар арасында мини-футбол бойынша район басқышы жарысы болып өтти. Қызғын ҳәм маўасасыз ойынларға бай тәризде шөлкемлестирилген бул жарыста түрли мәҳәллелерден дүзилген командалар қатнасты.

Илажда Беруний районы ҳәкими И.Хидиров қатнасып, жарыс қатнасыўшыларына қызғын тилеклерин билдирди. Сондай-ақ, “Нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Т.Абдижаббаров қатнасып, барлық командаларға әўмет тиледи.

Ойынлардың нәтийжесине бола, Шаббаз аўыл пуқаралар жыйыны командасы биринши орынды ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы басқышына қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди ҳәм арнаўлы кубок пенен сыйлықланды. Екинши орын Мустақиллик мәҳәллеси командасына, үшинши орын болса Саркоп аўыл пуқаралар жыйыны командасына несип етти. Жеңимпаз командалар мүнәсип сыйлықланды.

Бундай илажларды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – саламат турмыс тәризи, белсенди пуқаралық позициясы ҳәм мәҳәллелерде социаллық бирликти күшейтиў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги