Қытайда қанша пенсия алады?

126

Қытайда 2025-жылы базалық пенсия төлемлери 2 процентке арттырылады, бул тарийхтағы ең төмен өсиў пәти ямаса жаман көрсеткиш болып есапланады. Бул ҳаққында Пекинниң Caixin Global басылымы жазбақта.

Пенсияларды турақлы арттырыў сиясаты Социаллық қамсызландырыў ҳаққындағы 2011-жылғы нызамда беккемлеп қойылған. Оған бола, мийнет ҳақылар ҳәм инфляция өсиўи сыяқлы факторлар есапқа алынып, пенсия төлемлери дүзетилип барылады.

2005-2015-жыллар даўамында пенсия төлеминиң жыллық өсиўи орташа 10 процентти қураған. Буның нәтийжесинде жеке меншик компаниялар жумысшыларының пенсияларының орташа муғдары 700 юаньнан ($100) 2 000 юаньнан көбирекке артты. Бирақ соннан кейин пенсиялар көлеми өсиўи төменлеп кетти. Өсиў 2016-жылы 6,5 процент, 2020-жылы 5 процент, 2023 ҳәм 2024-жылларда болса сәйкес түрде 3,8 ҳәм 3 процент болды.

Халықтың тез қартайыўы пенсия системасының узақ мүддетли өмиршеңлигин гүман астына қоймақта, деп түсиник берди Ekd.me интернет-басылымы. Изертлеўлерге бола, Қытай пенсия қоры 10 жылдан соң дефицитке дус келиўи мүмкин. Буннан тысқары, мәмлекетте қала ҳәм аўыл халқының пенсияларындағы айырмашылық жер менен аспандай.

Ҳүкиметтиң 2024-жылғы мағлыўматларына бола, Қытайда қалада жасаўшы жумысшының орташа пенсиясы – 3 825 юань ($530), аўылда – 246 юань ($34).

Қарақалпақстан хабар агентлиги