“Дослық Аўқамы балалары” Х халықаралық форумы шеңберинде Өзбекстан күни белгиленди

Беларусь Республикасында “Дослық Аўқамы балалары” Х халықаралық мәдений-ағартыўшылық форумы болып өтпекте.
Бул дәстүрий абырайлы илажда Өзбекстан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Түркменстаннан 14-17 жастағы мектеп оқыўшылары ҳәм олардың устазлары қатнаспақта.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева форум қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўында қырғызстанлы кәсиплеслериниң басламасы менен басланған “Дослық Аўқамы балалары” форумы бүгинги күнде ҒМДА мәмлекетлери жаслары арасында дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнасты беккемлеўге хызмет ететуғын жақсы дәстүрге айланғанын атап өтти.
Форум шеңберинде Өзбекстан күни кеңнен белгиленди. Илажда мәмлекетимиздиң бай мәдений мийрасы, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлери кең жәмийетшиликке таныстырылды.
Өзбекстанлы мектеп оқыўшылары халық қосықлары ҳәм аяқ ойынларын атқарды ҳәм миллий ойынлардың көрсетилиўин шөлкемлестирди. Сондай-ақ, форум қатнасыўшылары өзбек музыкасы ҳәм әдебияты менен жақыннан танысыў, миллий тағамлардан татып көриў имканиятына ийе болды.
Н.Абдураимова, ӨзА