Президент Администрациясының жаңа структурасы тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен “Мәмлекетлик басқарыў системасында эффективлилик, проактивлик ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманға қол қойылды.
Усы ҳүжжетке муўапық, Президент Администрациясының жаңа структурасы тастыйықланды. Нәтийжеде Администрация ҳәм оның қурамындағы шөлкемлерде 284 штат қысқартылды, тәкирарланыўшы лаўазымлар оптималластырылды.
Пәрманға тийкарланып, енди Президент Администрациясы жумысында 5 тийкарғы бағдар белгиленди. Булар – билимлендириў, бизнес, суд-ҳуқық системасы, медицина ҳәм суў ресурслары мәселелери болып табылады. Бул бағдарларда реформаларды нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде Президент Администрациясы басшысына 5 орынбасар лаўазымы енгизилди.
Буннан тысқары, Президенттиң стратегиялық раўажланыў, сыртқы сиясат бойынша жаңа кеңесгөйи лаўазымлары киргизилип, қаржы технологиялары, санластырыў ҳәм жасалма интеллект, креатив экономика ҳәм туризмди раўажландырыў, жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм нызам үстинлиги, илажларды шөлкемлестириў, мәжилис ҳәм аймақларға сапарлар ушын аналитикалық контент таярлаў бойынша, сондай-ақ, коммуникация департаментлери шөлкемлестирилди.
ӨзА