Электр ҳәм газ ушын компенсация алыўда ең көп жиберилетуғын 6 сораўға жуўап берилди

Социаллық қорғаў миллий агентлиги қәнигелери электр ҳәм газ ушын компенсация алыўда ҳәр қыйлы сораўлар менен мүрәжат етип атырған пуқаралар ушын ең көп соралған сораўларға жуўап берди.
Электр ҳәм газден пайдаланғаным белгиленген нормадан артқан. Сонда да компенсация алыўым мүмкин бе?
Егер шаңарақтың ҳақыйқый мүтәжлиги анықланса, базалық нормадан артық қәрежет ушын да компенсация тайынланыўы мүмкин. Онда шаңарақ Социаллық реестрлерде дизимде болыўы ямаса дәраматы жан басына есаплағанда минимал тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен артпаўы керек.
Не ушын арзам бийкар етилди? Мен өзимди мүтәж деп есаплайман.
Автоматластырылған система 50 ден аслам мағлыўматлар базасы арқалы арза бериўшиниң дәрамат ҳәм мүлк жағдайын баҳалайды. Егер бийкар етилген болса, жасайтуғын жериңиздеги “Инсан” орайына ямаса 1140 номерине хабарласың.
Биз ижарада жасаймыз. Компенсация бизге де төлене ме?
Аўа. Егер сиз реестрде болсаңыз, жай атыңызда болмаса да, абонент номерлерин берсеңиз, компенсация алыўыңыз мүмкин.
Мен компенсация берилип атырғанын еситпей қалыппан. Ҳәзир арза тапсырсам, алдынғы айлар ушын да төлеп бериле ме?
Жоқ. Компенсация тек ғана арза берилген күннен есапланады. Мәселен, 15-июльге шекем арза берилсе, июнь айы ушын компенсация бериледи. Оннан алдынғы айларға берилмейди.
Бир ай компенсация алдым, кейинги айда жоқ. Не себеп болыўы мүмкин?
Қайта баҳалаўда дәрамат артқан болыўы ямаса энергия ресурсларынан пайдаланыў нормадан аспаған болыўы мүмкин. Анықлаў ушын “Инсан” орайына ямаса 1140 номерине мүрәжат етиӊ.
Мен жалғыз жасайман, пенсиям аз. Бирақ “мүлк” бар деп арзамды бийкарлады. Усы дурыс па?
Системадағы мағлыўматларға бола, еки ямаса оннан аслам квартира ямаса автомашина бар екенлиги дәрамат дәрежесин белгилеўши фактор есапланады.
“Пуқаралар басқа сораўлар менен 1140 қысқа номерине мүрәжат етиўи мүмкин,” – делинеди агентликтиӊ хабарында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги