Европа Россияға қарсы жаңа шеклеўлерди жәрияламақшы

131

Европа мәмлекетлери бүгин Россияға қарсы жаңа санкциялар пакетин келисип алыўды режелестирмекте. Усыныс етилип атырған илажлар арасында Россия нефтиниң баҳасын төменлетиў де бар. Бул ҳаққында “Reuters” төрт дерекке сүйенип хабар тарқатты.

Шеклеўлер рәсмий түрде Брюсселде болып өтетуғын Европа Аўқамы сыртқы ислер министрлериниң мәжилисинде қабыл етилиўи мүмкин. Агентликтиң мағлыўматларына бола, санкциялардың барлық позициялары әлле қашан келисилген. Сондай-ақ, Словакия жаңа шеклеўлерди қоллап-қуўатлайды, бирақ Европа комиссиясынан Россия газинен басқышпа-басқыш ўаз кешиў кепилликлерин талап етпекте.

Тийкарғы жаңалықлардан бири Россия нефтиниң баҳасын динамикалық тәризде шеклеў механизми болады. Дереклерден бирине бола, бир баррель ушын шама менен 47 доллар орнатылыўы мүмкин ҳәзирги күнде бул баҳа 60 долларды қурайды.

Иран ҳәм Израил арасындағы келиспеўшилик себепли базар турақсызлығы шараятында баҳа шегарасының төменлеўи ҳаққындағы пикир-таласлар ҳәўиж алған еди.

“Politico” мағлыўматларына бола, Мальта Европа Аўқамының Россия нефтиниң баҳалары шегарасын базар баҳасынан 15 процент төмен қойыў усынысына қарсы шыққан.

Қарақалпақстан хабар агентлиги