Спорт: Өзбекстан рекорды жаңаланды
128

Финляндияда жеңил атлетика бойынша өткерилген халықаралық турнирде ўатанласымыз Өзбекстан рекордын жаңалады.
Гәп сонда, спортшымыз Анвар Анваров жарыста белгиленген бағдарламаның соңғы урыныўында 8,25 метр нәтийже менен бир неше ҳәпте алдын Ташкентте өткен халықаралық турнирде өзи орнатқан мәмлекетлик рекордты 2 сантиметрге жақсылаўға еристи.
Ташкентте өткерилген беллесиўде 8,23 метр нәтийже көрсеткен шебер спортшымыз Финляндия жарысында 8,25 метрлик шекти ийеледи.
Бул нәтийже арқалы Германия турниринде алтын медаль алған Анваровтан кейинги қатарларды кубалы Аниел Молина ийеледи.
Жарыстың бийикликке секириў бағдарламасында жерлесимиз Барно Сайфуллаева 1,85 балл менен бронза медалын қолға киргизди.
Тўлқин Рўзиев, ӨзА