Халықаралық ҳәпте дайджести (+видео)

Польша 7-июльден баслап Германия менен шегара аймағында турақлы шегара қадағалаўын енгизди. Тийисли илаж кеминде 5-августқа шекем әмел етеди. Ҳәзирги ўақытта 52 қадағалаў-өткериў пунктинде таңлап тексериў өткерилмекте. Польша жақын арада Литва менен шегарада да усындай илажларды қолланбақшы.
Чеченстаннан Украинадағы урыста қатнасыў ушын 60 344 жаўынгер жиберилген. Бул ҳаққында республика басшысы Рамзан Қодиров мәлим етти. Урысқа жиберилгенлердиң 22 064 и кеўиллилер болып, ҳәзирги ўақытта жаўынгерлик ҳәрекетлер зонасында 13 мың жаўынгер бар. Қодиров 7-май күни Россия президенти менен ушырасыўда урыс басланғанынан берли Чеченстаннан 55,5 мың жаўынгер, соның ишинде, 21,6 мың кеўилли жиберилгенин айтқан еди.
Иран президенти Израиль арнаўлы хызметлери тәрепинен оған қарсы шөлкемлестирилген нәтийжесиз қастыянлық ҳаққында мәлим етти. Бул ҳаққында ол америкалы журналист Такер Карлсонга берген интервьюинде мағлыўмат берди. Пезешкиянның сөзлерине бола, адам өлтириўге урыныў Иран басшылығының басқа да жоқары мәртебели ўәкиллери менен ушырасыў ўақтында жүз берген. Израил ушырасыў өткерилип атырған орынға соққы бериўге урынған. Сиясатшы Қурама Штатлардың бул ўақыяға байланысы жоқ деп есаплайды.
Италияның Милан қаласындағы Бергамо аэропортында самолёт двигателине кирип кеткен еркек қайтыс болды. Самолёт 8-июль күни Испанияның Астурия қаласына пәрўазға таярлық көрип атырған болған. Самолёт ушыў-қоныў жолына шыққан ўақытта белгисиз шахс жуўырып келип, ҳәрекеттеги двигательге жақынласқан ҳәм оның ишине тартылып кеткен. Апатшылық самолёт еле ҳаўаға көтерилместен алдын жүз берген.
Биткоинның баҳасы 9-июль күни 112 мың доллардан асып, жаңа рекорд орнатты. Бул инвесторлардың қәўипли активлерге болған глобал талабының өсиўи себепли жүзеге келди. Рекордтың жазылыўына 200 миллион долларлық биткоин дефицитиниң сапластырылыўы тийкарғы түртки болған. Биткоинниң баҳасы 9-июль күни соңғы ҳәпте даўамында 5,95 процентке көтерилип, биринши мәрте тарийхтағы ең жоқары көрсеткиш – 112 мың доллардан асқан. Binance ҳәм Conibace платформаларында дизимге алынған бул көрсеткиш криптовалюта базарындағы ең жоқары баҳа сыпатында қаралмақта.
Украина президенти Владимир Зеленский Россия армиясы күнине мың дрон ушырыўға таярланып атырғанын айтты. Бул ҳаққында ол Римдеги Украинаны тиклеў бойынша конференцияда мәлим етти. Зеленскийдиң айтыўынша, Россияның тийкарғы мақсети – узақ даўам ететуғын ҳаўа тревогалары арқалы Украина жәмийетинде қорқыныш ҳәм турақсызлық оятыў. Бирақ Украина бул қәўиплерге қарсы нәтийжели қуралларға ийе ҳәм ҳүжимлерге мүнәсип жуўап береди.
Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА