Кремль Трамптың әҳмийетли билдириўин интизарлық пенен күтпекте

126

Кремль АҚШ Президенти Дональд Трамптың Россия бойынша әҳмийетли билдириўин интизарлық пенен күтпекте.

– Биз АҚШ басшысының ҳәр қандай шығыўын дыққат пенен үйренемиз, – деген Кремль баспасөз хаткери Дмитрий Песков журналистлерге. Ҳәзир болса Трамп нени нәзерде тутқанын билиў ушын билдириўдиң өзин күтемиз.

Алдынырақ Трамп “NBC News” каналына берген интервьюинде дүйшемби күни Россия бойынша әҳмийетли гәп айтатуғынын атап өткен, бирақ не ҳаққында екенлигин ашық айтпаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги