Қытай ҳәм АҚШ бирге ислесиўди күшейтпекши

Қытай сыртқы ислер министри Ван И ҳәм АҚШ Мәмлекетлик хаткери Марко Рубио арасындағы ушырасыў жуўмағы бойынша ҚХР тәрепи жәриялаған билдириўге бола, бул еки қүдиретли мәмлекет барлық дәрежеде бирге ислесиў ҳәм сөйлесиўди күшейтиў, байланыслар көлемин кеңейтиў ҳәм келиспеўшиликлерди сапластырыў жолларын үйрениўге келисип алды.
Жоқары мәртебели рәсмийлер күни кеше Куала-Лумпурда болып өткен АСЕАН әнжуманы шеңберинде сөйлескен.
“Еки тәреп те ушырасыў унамлы, прагматикалық ҳәм конструктивлик жағдайда өткенин тастыйықлады”, – делинеди Қытай СИМ сайтының хабарында.
Атап өтилиўинше, Қытай ҳәм Қурама Штатлар “дипломатиялық каналларды, барлық дәреже ҳәм тараўларда жеделлестириў, өз-ара қатнасықты раўажландырыўда дипломатиялық уйымлардың потенциалынан толық пайдаланыў, жағдайды басқарыў ҳәм биргеликте шерикликтиң жаңа бағдарларын табыўға” келисип алған.
С.Раҳимов, ӨзА