Өзбекстан сыртқы ислер министри Аўғанстан елшисин қабыллады

Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасындағы қатнасықлар тарийхый, географиялық ҳәм мәдений жақтан үзликсиз байланыслы. Атап айтқанда, соңғы жыллары республикамыз сыртқы сиясатында усы қоңсы мәмлекет пенен бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта.Бул қатнасықлар тек ғана еки тәреплеме мәпти гөзлеп емес, ал пүткил Орайлық Азиядағы турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге де хызмет етеди, деп айтыў мүмкин.
Бүгин мәмлекетимиз сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Аўғанстан елшиси Абдул Ғаффор Теравийди қабыллады.
– Өзбекстан Аўғанстанның турақлы раўажланыўын бәрқулла қоллап-қуўатлайды, – деди Б.Саидов. – Бул мәмлекетти регионаллық ҳәм глобал тәмийнат шынжырына интеграциялаў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалмақта. Усы көзқарастан экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў, өз-ара байланыслылықты күшейтиў ҳәм жедел шерикликти алға қойыў регионымыздың улыўма абаданлығына хызмет ететуғыны сөзсиз.
ӨзА