Шығынды хызметлеринен қарыздар абонентлерге қарыздарлықты сапластырыў ушын қанша мүддет бериледи?

98

Шығынды хызметлери турмыслық ҳәм санаат шығындыларын жыйнаў, тасыў, ажыратыў, қайта ислеў ҳәм жоқ етиўге қәнигелескен хызмет түри.

Бул хизметлер әдетте қала яки район ҳәкимликлери, коммуналлық хизмет көрсетиўши шөлкемлер яки жеке кәрханалар тәрепинен әмелге асырылады.

Мәмлекетимизде шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери бойынша төлем тәртибин күшейтиў мақсетинде жаңа тәртип енгизилмекте.

Оған бола, ҳәр айдың 3-сәнесине шекем республика бойынша қарыздар абонентлер ҳаққындағы мағлыўматлар Шығындыларды басқарыў ҳәм циркульяр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң “Таза мәкан” биллинг электрон системасынан “Аймақлық электр тармақлары” АЖның биллинг системасына өткериледи.

Соң шығынды хызметлеринен қарыздар абонентлерге ҳәр айдың 5-сәнесине шекем “Аймақлық электр тармақлары” АЖның “2100” қысқа номери арқалы “СМС” хабарнама жибериледи. Абонентлерге усы ескертиў жиберилгеннен кейин 5 (бес) күн қарыздарлықты сапластырыў ушын қосымша мүддет бериледи. Бар қарыздарлық усы мүддет ишинде төлениўи керек. Абонентлер тәрепинен белгиленген мүддетте қарыздарлық сапластырылмаса, оларда электр энергиясы ушын төлеў имканияты ўақтынша шекленеди.

Бул шеклеў қарыздарлық сапластырылыўы менен автомат түрде алып тасланады. Бул тәртип 2025-жыл 30-июньға шекемги қарыздарлықларға енгизилмейди. 2025-жылдың 1-июлинен шығынды хызметлеринен қәлиплескен қарыздарлықлар ушын усы жылдың 1-августынан баслап қолланылады.

Шығындыларды басқарыў ҳәм циркульяр экономиканы раўажландырыў агентлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Дилноза Комилованың мәлим етиўинше, санитариялық тазалаў кәрханалары шығынды төлемлерин есаплаўда анықлық ҳәм ҳақыйқатлық ушын жуўапкер болып есапланады.  Егер абонентлерге санитариялық тазалаў хызмети өз ўақтында ҳәм сапалы көрсетилмесе көрсетилмеген күнлердеги хызметлер ушын төлемлер қайта есап-санақ етиледи.

Шығындыларды басқарыў тараўы ҳәм хызмет сапасына байланыслы усыныс ҳәм шағымлар пайда болғанда Шығындыларды басқарыў ҳәм циркульяр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң “1205” қысқа номерине 24/7 режиминде мүрәжат етиў мүмкин.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА