Ҳәр қыйлы жеңилликлер менен тест сынақларынан азат етилген абитуриентлер көпшиликти қурамақта

182

Билимлендириў – жәмийетти раўажландырыўдың тийкарғы факторларынан бири. Оның ҳәр бир басқышы жоқары жуўапкершилик ҳәм системалы қатнас жасаўды талап етеди. Усы мәнисте, 2025-2026-оқыў жылы ушын жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери және лицейлерге қабыллаў процесслерин шөлкемлестириўге бағышланған брифингте елимиздеги билимлендириў мәкемелерине қабыллаўды жоқары дәрежеде ҳәм ашық-айдын өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Назокат Абдуқундузованың берген мағлыўматларына бола, елимизде усы жылдың 14-июлинен 23-июлине шекем, яғный 10 күн даўамында республикалық мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша тест сынақлары шөлкемлестириледи.

Бул процесс абитуриентлер ушын өз билим ҳәм таярлық дәрежесин көрсетиў, сондай-ақ, әрман еткен билимлендириў мәкемесине жол алыўда шешиўши басқыш есапланады.

2025-2026-оқыў жылы ушын абитуриентлерди дизимге алыў 5-июньнан 25-июньға шекем онлайн тәризде әмелге асырылғанын атап өтиў керек. Онда республика бойынша жәми 671 мың 397 абитуриент дизимнен өтти.

Соннан, абитуриентлердиң 426 мың 685 ин (63,6%) быйылғы жыл питкериўшилери, 244 мың 712 ин (36,4%) алдынғы жыллардағы питкериўшилер қураған. Гендер қурамы бойынша болса, 361 мың (53,8%) абитуриент ҳаял-қызлар, 310 мың 378 (46,2%) – ер адамлардан ибарат. Айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарларына 39 мың 307 абитуриент дизимнен өткен.

Дизимнен өтиў процесинде абитуриентлер тәрепинен усынылған халықаралық сертификатлар системалы түрде үйренип шығылды. Нәтийжеде, 18 мың 854 сертификат ҳақыйқый деп табылды ҳәм тән алынды. Соның менен бирге, 3 370 сертификат белгиленген талапларға жуўап бермегени, яғный дәрежеси ямаса түри сәйкес келмегени, әмел етиў мүддети тамамланғаны ямаса ҳақыйқатлығы тастыйықланбағаны себепли қабыл етилмеген.

Быйыл тест сынағы тапсырылатуғын барлық пәнлерден миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болған 678 абитуриент имтиханлардан азат етилип, тиккелей таңлаў басқышына өткерилди. 2024-жылы бундай имканияттан тек ғана 1 абитуриент пайдаланғанын атап өтиў орынлы.

Улыўма алғанда, быйыл абитуриентлер билим дәрежесин рәсмий сертификатлар арқалы тастыйықлаўда жоқары белсендилик көрсетпекте. Соның ишинде, 85 мың 140 жас улыўма билим бериў пәнлеринен, 58 мың 216 жас шет тиллеринен миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе екени мәлим болды. Салыстырыў ушын айтыў мүмкин, 2024-жылы бул көрсеткишлер сәйкес түрде 13 мың 180 ҳәм 44 мың 834 ти қураған еди.

2025-жылдан баслап, пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў арнаўлы тәртипте әмелге асырылмақта. Яғный, бул бағдарларға тек ғана шет тилин билиў дәрежесин тастыйықлаўшы миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болған абитуриентлер қабыл етиледи. Усы талапқа сәйкес пәнлер комплексин таңлаған ҳәм белгиленген сертификатқа ийе болған абитуриентлердиң саны усы жылы 22 мың 41 ди қурады.

Тест сынақларының ашық-айдын өтиўин тәмийинлеў мақсетинде кең жәмийетшилик ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының қатнасыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, усы жылы 3 мыңнан аслам талабан кең жәмийетшилик арасынан таңлап алынып, топар қадағалаўшысы сыпатында тест сынақларына тартылды.

Тест сынақлары усы жылдың 14-июлинен 23-июлине шекемги мүддетте еки сменада өткериледи. Биринши смена саат 08:00 ден 11:00 ге шекем, екинши смена болса 15:00 ден 18:00 ге шекем белгиленген.

2025-2026-оқыў жылы қабыллаўында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханы бар бакалавриат тәлим бағдарларына дизимнен өткен абитуриентлер ушын имтиханлар республика бойынша 2025-жыл 7-июль күнинен баслап 52 жоқары билимлендириў мәкемесинде өткерилмекте.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА