Салыққа байланыслы судқа шекемги шешиў механизмлери жетилистириледи

Усы жыл 11-июльдағы ПҚ-223-санлы Президент қарары менен исбилерменлер ҳәм салық уйымлары арасындағы келиспеўшиликлерди шешиў ушын жумсалатуғын ўақыт ҳәм ҳәрежетлерди азайтыў мақсет етип қойылмақта.
Қарарға бола, Саўда-санаат палатасы жанындағы салық, экономика, қаржы ҳәм ҳуқық мәселелери бойынша экспертлерден ибарат Салыққа байланыслы келиспеўшиликлер бойынша эксперт кеңеси шөлкемлестириледи.
Эксперт кеңесиниң мәжилислери 1 айда кеминде 2 рет өткериледи.
Эксперт кеңесине салыққа байланыслы келиспеўшиликлерди көрип шығыўда төмендеги ўәкилликлер бериледи:
– салық уйымларының қарарларынан наразы болған исбилерменлердиң мүрәжаатларын көрип шығыў, буған жынаят иси шеңбериндеги яки суд қурамында көрип шығылып атырған салыққа байланыслы келиспеўшиликлер кирмейди;
-мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжеси бойынша жуўмақлаў;
-қабыл етилген жуўмақларды мәжбүрий тәртипте көрип шығыў ушын салық, бажыхана ҳәм тийисли мәмлекетлик уйымларға жибериў ҳәм бул ҳаққында исбилерменди хабардар етиў,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги