Өзбекстан спорт делегациясының дәслепки қурамы Универсиадаға жол алды

117

Усы күнлерде Германияның Рейн-Рур аймағындағы Дуйсбург, Бохум, Ессен, Хаген ҳәм Мюлхайм қалалары ХХХII Пүткил жер жүзилик жазғы Универсиада ойынларының қатнасыўшыларын күтип алмақта.

Кеше ойынларда қатнасатуғын биринши спорт делегациясы – Бразилия студентлер спорт командасының дәслепки қурамы Германияға жетип барды.

Бүгин, 14-июль күни ерте таңда мәмлекетимиз спорт делегациясының жумысшы топары Германияға жөнеп кетти.

Быйылғы жазғы Универсиада ойынларында 150 ге шамалас мәмлекеттиң 8 мың 500 ден аслам спортшы-студентлери 18 спорт түриниң 234 медаллар топламы ушын гүрес алып баратуғынын атап өтиў керек.

Жарыслар 6 қаладағы 23 спорт комплексинде шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.

Усы жылдың 16-27-июль күнлери болып өтетуғын бул ретки ойынларда Өзбекстан спортшы-студентлери 11 спорт түри – оқ жайдан оқ атыў, спорт гимнастикасы, жеңил атлетика, суўға секириў, дзюдо, көркем гимнастика, ескек есиў, жүзиў, стол тенниси, таэквондо WТ ҳәм теннис бойынша Ўатанымыздың абырайын қорғайды.

Еслетип өтемиз, жазғы Универсиада ойынларының салтанатлы ашылыў мәресими 16-июль күни Дуйсбург қаласындағы “Шоинсланд-Райзен” аренасында өткериледи.

Тўлқин Рўзиев,

ӨзА