Үш палўанымыз жеңиске еристи
124

Самарқанд ўәлаятында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың миллий гүрес түринен Бас прокурор кубогиниң Өзбекстан Республикасы басқышы болып өтти.

Жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан ең күшли спортшылар қатнасты.
Беллесиўлер соңында, Жамшид Турабаев басшылығындағы республикамыз командасы ағзаларынан жигитлер арасында 73кг салмақта Р.Сапарбаев ҳәм +90кг салмақта И.Кеңесбаев, қызлар арасында болса Ж.Төлеповалар қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.