Қарақалпақстанда 2025-2026-оқыў жылы ушын тест сынақлары басланды

154

Бүгин, 14-июль күни, Өзбекстан бойлап 2025-2026-оқыў жылы ушын жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақлары басланды. Қарақалпақстан Республикасында да бул процесслер жоқары шөлкемлестириўшилик дәрежесинде басланды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының спорт комплекси тест сынақлары өткерилетуғын тийкарғы орынлардан бири болып хызмет етпекте. Бул жерде абитуриентлер ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, ата-аналар ушын қолайлы күтиў орынлары, тест процесин онлайн тәризде бақлаў имканияты ҳәм видеобақлаў системалары менен үскенеленген орталық шөлкемлестирилген.

Сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Спорт сарайында да тест сынақлары шөлкемлестирилген. Бул процесслерде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери ҳәм волонтёрлар жәмәәти де белсене қатнаспақта. Олар абитуриентлерге бағдар бериў, шөлкемлестириў жумысларына жәрдемлесиў ҳәм басқа да қоллап-қуўатлаў ўазыйпаларын атқарылмақта.

Мағлыўмат ушын, тест сынақлары ҳәр күни еки сменада шөлкемлестирилмекте: 1-смена саат 08:00 ден 11:00 ге шекем, 2-смена болса 15:00 ден 18:00 ге шекем өткериледи. Қарақалпақстан бойынша жәми 32 700 ден аслам абитуриенттиң тест сынақларында қатнасыўы күтилмекте. Тест процесслери 22-июльге шекем даўам етеди.

Барлық тест процесслери видеобақлаўда болып, test2025.uz сайты арқалы онлайн тәризде бақлаў имканияты да жаратылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги