Өзбекстан ўәкиллери журналистлердиӊ халықаралық медиа форумында қатнасады

96

Усы жылдың 14-20-июль күнлери Қытай халық республикасында халықаралық медиа форумы болып өтеди.

“Баспасөздиң күши: цивилизациялараралық қарым-қатнас ҳәм глобал модернизацияға журналистлердиң тәсири” темасында болып өтетуғын форумда елиў мәмлекеттен 100 медиа ўәкили ҳәм тараў шөлкемлериниң жуўапкерлери қатнасыўы күтилмекте.

Бағдарлама шеңберинде “Цивилизациялар арасындағы диалог”, “Журналистикада жасалма интеллект” сыяқлы әҳмийетли бағдарларда дөгерек сәўбетлери шөлкемлестириледи. Мәмлекетлердиӊ медиа ўәкиллери өз-ара бирге ислесиў орнатады, тәжирийбе алмасады.

Сондай-ақ, форум қатнасыўшылары экология, қоршаған орталықты қорғаў сыяқлы тараўларда жүз берип атырған соңғы жаңалықлар менен таныстырылады.

Халықаралық форумда Өзбекстан тәрепинен Өзбекстан Журналистлер аўқамы баслығының ўазыйпасын атқарыўшы Холмурод Салимов ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА) Сиясат ҳәм жаңалықлар редакциясының бас редакторы Аслиддин Суюнов қатнасады.

ӨзА