Хожели районын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Хожели районында социаллық-экономикалық раўажланыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.
Мәжилисте республикалық уйым ҳәм шөлкемлер, тийисли министрликлер, район басшылары, жергиликли кеңес ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасты.

Илажда бәринен бурын мәҳәллелерди абаданластырыў, инфраструктураны жақсылаў, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарындағы жойбарларды әмелге асырыў, жаңа өндирис кәрханаларын шөлкемлестириў, көп қабатлы турақ жайлар қурылысын жеделлестириў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.
Сондай-ақ, халық ушын қосымша дәрамат дәреклерин жаратыў, қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды ғалаба ен жайдырыў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, кәрханалардың жумысына әмелий жәрдем бериў, банк хызметлери ҳәм базар инфраструктурасын жетилистириўге қаратылған илажлардың орынланыўы бойынша да мәлимлемелер тыңланды.
Мәжилисте бул жумыслар ушын зәрүр шараятлар ҳәм қаржы дәреклери жаратып берилгени атап өтилди. Соған қарамастан, айырым басшы ҳәм жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына жуўапкершиликсиз қатнаста болғаны сынға алынды.
Мәжилис жуўмағында жол қойылған кемшиликлер ҳәр тәреплеме талланып, өз ўазыйпасын зәрүр дәрежеде орынламаған жуўапкерлерге интизамый шаралар көриў, зәрүр жағдайларда олардың лаўазымға ылайықлығын қайта көрип шығыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги