Трамптың хатлары (+видео)

172

Трамп көплеген мәмлекет жетекшилерине көбейтилген тариф 1-августтан күшке киретуғыны ҳаққында хатлар жоллады, деп хабар берди “Евроньюс”.

АҚШ Президенти Япония ҳәм Қубла Кореядан импорт етилетуғын товарларға 25 процентлик салық салыныўын жәриялады. Сондай-ақ, басқа мәмлекетлер ушын бул нызам 1-августтан күшке киретуғынын билдирип нызамның жаңа ставкаларын да мәлим еткен. Трамп хатлар арқалы импорт салығын көтерип өш алынбаўы

ҳаққында ескерткен. Болмаса Трамп администрациясы тариф және де көбейтилетуғынын айтқан.

Америка жетекшисиниң саўда сиясаты экономикалық өсиўди төменлетиўи, ҳәттеки АҚШ ҳәм басқа да мәмлекетлерди тубалаўшылыққа алып келиўи мүмкинлиги ҳаққындағы қәўетерлерди күшейтпекте. Трамптың пикиринше, жергиликли өндиристи күшейтиў ҳәм исбилерменлерге салық жеңиллигин бериў ушын усындай сиясатты алып барыў керек. Бундай кескин қарарлардан кейин түрли қәўетерлер күшейген болса да, Президент сөйлесиў алып барыўға таяр екенин де билдирген. Көпшилик бул жағдайды Трамптың екиленип атырғаны ямаса өзи баслаған жумыстың нәтийжесине көзи жетпей атырғанына жорып, бетер қәўетерге түспекте.

Қубла Корея Саўда министрлиги 25 процентлик тариф күшке киргенге шекем өз-ара пайдалы келисимге ерисиў ушын Қурама Штатлар менен сөйлесиўди жеделлестирмекши.

Ақ үй баспасөз хаткери Кэролин Ливиттиң айтыўынша, Трамп тарифлерди өзи белгилеп, “дүньядағы ҳәр бир мәмлекет ушын бейимлестирилген саўда режесин” дүзген. Анық қәлиплескен схемадан кейин ҳүжжетти оларға почта арқалы жибериўди режелестирмекте. Бул болса саўда келисими бойынша сөйлесиў алып барыўдың Трампша жаңа бағдары екен.

Соның менен бирге, хатлар келисилген қарарлар емес, ал Трамптың тарифлер бойынша өз таңлаўын билдиреди, дейди Ақ үй баспасөз хаткери. Буны сырт ел делегациялары менен жабық есиклер артындағы сөйлесиўлер ҳәр еки тәреп ушын қанаатландырарлы нәтийже бермегенинен дәрек, деп түсиниў мүмкин.

Азия жәмийети сиясаты институтының вице-президенти Венди Катлер Япония ҳәм Қубла Кореяға тариф асырылыўын “өкинишли” деп баҳалаған.

– Бул еки мәмлекет экономикалық қәўипсизлик бойынша жақын шерик сыпатында Қурама Штатларға кеме соғыў, ярым өткизгишлер, әҳмийетли минераллар ҳәм энергетика сыяқлы тийкарғы бағдарлар бойынша көп нәрсе усыныс ете алады,-деди Катлер.

Трамп басқа шериклер қатарында Европа Аўқамы ҳәм Ҳиндстан менен еле шешилмеген саўда келиспеўшилигине ийе. Сол себепли АҚШқа экспорт ушын 55 процент салық салып атырған Қытай менен қатаңырақ сөйлесиў алып барыў керек екенлиги айтылады.

Қубла Африка Президенти Сирил Рамафоса мәкемесиниң билдириўинде Трамп тәрепинен жәрияланған тарифлер надурыс тәрийипленгени мәлим етилди. Оның сөзлерине бола, мәмлекети қыйын жағдайға қарамастан “АҚШ пенен және де тең салмақлы ҳәм өз-ара пайдалы саўда байланысын орнатыў ушын дипломатиялық ҳәрекетти даўам еттиреди”.

Трамп ҳәкимшилиги алдынырақ 90 күн ишинде 90 келисим дүзиўге ўәде берген еди, бирақ ҳәзирге шекем алып барылған сөйлесиўлер нәтийжесинде тек ғана еки саўда келисимине ерисилген. Солай болса да, Трамп ойлаған режесин әмелге асырыў нийетинен қайтпаған. Хатлар да усы процесстиң логикалық даўамы, деп айтыў мүмкин.

 

К.Бекжонов, ӨзА