Қамаққа алынғанларды қыйнаў жағдайларының алды алынады

Таллаўларға бола, 2024-жылы Омбудсманга ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен оператив-излеў жумысы ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша 1 мың 131 мүрәжат келип түскен. Мүрәжатлардың ең көпшилиги ишки ислер (74,3 проценти) ҳәм прокуратура (16,4 проценти) уйымлары хызметкерлериниң ҳәрекетлеринен наразылығы бойынша болған.
Ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын орынлардағы шахсларға руўхый, психологиялық, физикалық ямаса басқаша тәризде басым өткерилгени ҳаққында 191 шағым дизимге алынған. Бул шағымлардың 16 сы бойынша жынаят иси қозғатыўды бийкарлаў ҳаққындағы қарарлар тийисли прокурорлар тәрепинен бийкар етилген. Өткерилген хызмет тексериўлери нәтийжесинде 13 шағым бойынша 15 хызметкерге интизамый жаза шаралары қолланылған. 3 шағым бойынша жынаят иси қозғатылған.
Бул болса, қамаққа алыў түриндеги қәўипсизлик илажы қолланылған шахслардың қыйнаўға салыныў жағдайларын анықлаў ҳәм оның алдын алыў мақсетинде усы қәўипсизлик илажын қолланыў ўақтында гүман етилиўши ҳәм айыпланыўшы тергеў қамақханасына жайластырылыўынан алдын оларды тергеў қамақханаларының өзинде мәжбүрий медициналық тексериўден өткериў тәртибин енгизиў зәрүрлиги жүзеге келгенлигин көрсеткен.
Жоқарыдағыларды инабатқа алған ҳалда, соның менен бирге, Президентимиздиң 2023-жыл 8-майдағы “Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында”ғы пәрманы менен тастыйықланған Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясынан келип шығатуғын ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Жынаят исин жүргизиў ўақтында қамақта сақлаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қамаққа алынғанларды қыйнаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған қосымша киргизиў ҳаққында”ғы нызам ислеп шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы 2025-жыл 26-июньде қол қойған бул нызамның әҳмийети ҳаққында Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Абдулҳаким Ешмуродов өз пикирлерин билдирди:

– Мәмлекетимизде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин буннан былай да күшейтиў, соның ишинде, қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат ямаса қәдирин кемситетуғын қатнас және жаза түрлерин қолланыў жағдайларына пүткиллей жол қоймаў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Конституцияға муўапық, инсанның абырайы ҳәм қәдирине қол қатылмайды. Ҳеш нәрсе оларды кемситиў ушын тийкар бола алмайды. Ҳеш ким қыйнаўға, зорлыққа, басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат ямаса инсанның қәдир-қымбатын кемситиўши қатнасқа ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес.
Нызам менен “Жынаят исин жүргизиў ўақтында қамақта сақлаў ҳаққында”ғы нызам қамаққа алынғанлар тергеў қамақханасына жайластырылыўынан алдын олар тергеў қамақханасының өзинде мәжбүрий медициналық тексериўден өткерилиўин нәзерде тутатуғын жаңа 271-статья менен толықтырылды.
Оған бола, қамаққа алынғанлар тергеў қамақханасына жайластырылыўынан алдын тергеў қамақханасының өзинде мәжбүрий медициналық тексериў олар тергеў қамақханасына алып келинген ўақыттан баслап еки саат ишинде медицина хызметкери тәрепинен өткериледи. Мәжбүрий медициналық тексериўди өткериўде қамаққа алыныўшының келисими менен оның адвокаты да қатнасыўы мүмкин. Мәжбүрий медициналық тексериўден өткериў нәтийжелери бойынша белгиленген үлгидеги медициналық мағлыўматнама рәсмийлестириледи. Медициналық мағлыўматнаманың нусқаларын бериў тәртиплери де нызамда көрсетип өтилди.
Мәжбүрий медициналық тексериў ўақтында қамаққа алынған шахстың денесинде жарақатлар, зыянланыўлар ҳәм жаралар анықланған жағдайда, олар тийисли тәртипте дизимге алынып, бул ҳаққында қамаққа алынған шахсқа мәлим етиледи ҳәм тезлик пенен прокурорға хабар бериледи.
Тергеў қамақханасына жайластырылған қамаққа алынғанлар басқа орынға өткерилгенде ямаса процессуаллық ҳәрекетлер өткериў ушын алып шығылып, тергеў қамақханасына қайтарылғанда олар усы статьяда нәзерде тутылған тәртипте мәжбүрий медициналық тексериўден өткериледи.
Нызамды ислеп шығыўда бир қатар сырт еллердиң нызамшылығы ҳәм халықаралық тәжирийбе, соның ишинде, АҚШ, Канада, Уллы Британия, Сингапур және Европа Аўқамына ағза мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбелери үйренилген.
Нызам инсанның абырайы ҳәм қәдирине қол қатылмаслығы кепилликлериниң және де беккемлениўине хызмет етеди.
Еслетип өтемиз, нызам 2025-жыл 28-сентябрьден күшке киреди.
Норгул Абдураимова,
ӨзА