Айлық шеңберинде үгит-нәсият илажлары өткерилмекте

148

Адам саўдасы – инсан ҳуқықларына қарсы қаратылған, ҳеш қандай аймақ ҳәм мәкан таңламайтуғын аўыр жынаят болып есапланады. Бул иллеттиң алдын алыў, оған қарсы системалы гүресиў ҳәр бир жәмийет ушын әҳмийетли ўазыйпа есапланады.

30-июль – Халықаралық адам саўдасына қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен июль айы “Адам саўдасына қарсы гүресиў айлығы” деп жәрияланды ҳәм республикамыз бойлап түрли үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Елликқала районында усы партияның Республикалық Кеңеси тәрепинен үгит-нәсият илажы шөлкемлестирилди. Онда “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов, районлық Әдиллик бөлими ҳәм партия белсендилери қатнасты.

Илажда адам саўдасының алдын алыў, халықтың ҳуқықый санасын ҳәм хабардарлығын арттырыўға қаратылған баянатлар тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги