Журналистика имтиханлары еки басқышта өткерилмекте

158

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде журналистика тәлим бағдарына қабыллаў мақсетинде дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар басланғаны ҳаққында алдын хабар берген едик. Бүгин абитуриентлер бул әҳмийетли сынақтың биринши басқышы – жазба жумыста өз билим ҳәм потенциалларын көрсетти.


Дөретиўшилик имтиханның екинши басқышы – аўыз-еки сәўбет процеси де қызғын түрде өткерилмекте. Онда талабанлар өзлериниң пикирлеў дәрежеси, сөйлеў мәденияты, журналистлик ҳақыйқатлыққа мүнәсибети ҳәм кәсиплик потенциалы бойынша сынақтан өтпекте. Сәўбетлесиў процесинде абитуриентлерге тараўға байланыслы сораўлар, жәмийетлик-сиясий турмысқа байланыслы мәселелер ҳәм қызықлы сораўлар берилип, олардың пикирлеўи ҳәм кәсиплик қәбилети баҳаланбақта.


Дөретиўшилик имтиханлар шеңберинде ҳәр бир абитуриентке өзиниң қәбилетин ҳәм көзқарасын көрсетиў имканияты жаратып берилмекте.

 

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери