Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Дүньядағы ҳәр бир мәмлекеттиң миллий суверенитети ҳәм ғәрезсизлиги усы мәмлекеттиң халықаралық ҳуқық субъекти сыпатында дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеўи, өз ҳалқының тыныш ҳәм абат турмысын, оның ең әҳмийетли мәплерин тәмийинлеўге хызмет ететуғын беккем сиясий-социаллық тийкар ҳәм күш-қүдирет дәреги болып есапланады.
1991-жыл 31-августта мәрт ҳәм кеңпейил халқымыздың ерк-ықрары ҳәм қарары менен қолға киргизилген миллий ғәрезсизлигимиз Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы барлық реформаларымыз шешиўши басқышқа кирип атырған бүгинги тарийхый шараятта ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болып атырғаны сөзсиз.
Әйне ғәрезсизлик, барлық сиясий-ҳуқықый кепилликлерди өзинде жәмлеген ҳалда, “Өзбекстан-2030” стратегиямызды әмелге асырыў, жәмийетимизде тынышлық, дослық ҳәм жәмийетлик орталығын күшейтиў, инсан қәдири, ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, регионымызда жақсы қоңсышылық қатнасықларын және де раўажландырыў, дүнья мәмлекетлери менен жедел бирге ислесиў, Ўатанымыздың халықаралық көлемдеги абырайын арттырыўда шексиз таяныш болып хызмет етпекте.
Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң әне, усындай үлкен әҳмийетин есапқа алып, миллий ғәрезсизлигимиздиң отыз төрт жыллық даңқлы сәнесин Жаңа Өзбекстанның раўажланыў дәрежеси, жәҳән майданындағы абырайына ҳәр тәреплеме мүнәсип түрде жоқары дәрежеде белгилеў мақсетинде қарар етемен:
- Мәденият министрлиги, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы, Жазыўшылар аўқамы, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен ислеп шығылған “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” деген идеяны өзинде жәмлеген Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығына бағышлаған байрам илажларының көркем-идеологиялық концепциясы (кейинги орынларда-Концепция) 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссия (кейинги орынларда -Республикалық комиссия) дүзилсин ҳәм оның қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Республикалық комиссия (А.Арипов):
а) Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамы (кейинги орынларда – Ғәрезсизлик байрамы) Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, барлық қала, район ҳәм аўылларда мүнәсип белгилениўин тәмийинлеў ушын Концепцияның тийкарғы мазмуны ҳәм бағдарларынан келип шыққан ҳалда тийисли илажлар бағдарламаларының ислеп шығылыўы ҳәм орынланыўын тәмийинлесин;
б) орынларда Ғәрезсизлик байрамының елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетине бағышланған руўхый-ағартыўшылық әнжуманлар, ашық пикирлесиў ҳәм сәўбетлер, әдебий-көркем кешелер, миллий кино күнлери, улыўма халықлық сейиллер, мәденият ҳәм спорт илажларын нәтийжели өткериў мақсетинде белгили илим ғайраткерлери, дөретиўшилер, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, спортшылар, жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат үгит-нәсиятлаў топарларын шөлкемлестирсин ҳәм олардың анық реже тийкарында жумыс алып барыўы ушын керекли шараятлар жаратып берсин;
в) усы бағдарда белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы бойынша ҳәр бир аймақ, министрлик ҳәм уйым басшыларының есабатларын Республикалық комиссия мәжилислеринде турақлы түрде тыңлап барсын.
- Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын тийкарғы байрам илажларының бағдарламаларын таярлаўға жоқары профессионаллық шеберликке ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарист ҳәм режиссёрлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, композитор ҳәм балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, мақам ҳәм бақсышылық өнери ўәкиллеринен ибарат дөретиўшилик топарлар кеңнен тартылсын.
- Ғәрезсизлик байрамына бағышланған илажларды әмелге асырыўда төмендеги тийкарғы бағдарларға айрықша итибар қаратылсын:
а) Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша сегиз жыл алдын баслаған кең көлемли реформаларымыз себепли жәмийетимиздиң жәмийетлик-сиясий көринисиниң пүткиллей өзгерип баратырғанлығы;
б) қысқа мүддетте мәмлекетимиз экономикасы жедел өсип, жалпы ишки өнимимиздиң көлеми тарийхта биринши рет 110 миллиард АҚШ долларынан артқаны, “жасыл” ҳәм инновациялық экономикаға өтиў, альтернатив энергия дәреклерин жаратыў бойынша үлкен бағдарлама ҳәм жойбарлардың әмелге асырылып атырғаны;
в) жаңаланған Конституциямызда белгиленгениндей, Өзбекстан барған сайын инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен мәплери улығланатуғын социаллық мәмлекетке айланып атырғаны, бәнтликти тәмийинлеў, заманагөй жумыс орынларын көбейтиў, кәмбағаллықты қысқартыў, жәрдемге мүтәж категорияларды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар үлкен унамлы нәтийжелер берип атырғаны;
г) билимлендириў тараўындағы реформалар бурын тарийхымызда мисли көрилмеген өзгерислерге алып келип атырғаны, мектепке шекемги билимлендириў системасында қамтып алыў 2017-жылдағы 27 проценттен ҳәзирги ўақытта 77 процентке, жоқары билимлендириўде болса 9 проценттен 42 процентке жеткени, елимизде дөретиўшилик мектеплери, қәнигелескен мектеплер ҳәм Президент мектеплери сыяқлы жаңа модельдеги мектеплер системасының пайда болғаны;
д) денсаўлықты сақлаў, илим, IT, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер тараўларының раўажланыўына да үлкен итибар берилип атырғаны, Париж Олимпиадасы ҳәм Паралимпиадасында спортшыларымыз биринши рет күшли он бесликтен орын алғаны, футбол бойынша 17 жасқа шекемги жас өспиримлер командамыз, сондай-ақ, миллий сайланды командамыз Өзбекстан тарийхында биринши рет жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени;
е) “Жаслар – Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери” деген сүрен астында нәўқыран әўладымыздың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлер, ана тили менен бирге шет тиллерин, IT технологияларын ийелеўи, исбилерменлик пенен шуғылланыўы, талант ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыўы ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратып берилип атырғаны, оған жуўап ретинде ул-қызларымыз түрли тараўларда дәслепки қуўанышлы жетискенликлерге ерисип атырғаны;
ж) кейинги жылларда қала ҳәм аўылларымыз тез пәтлер менен абат болып атырғаны, “Жаңа Өзбекстан” турақ жай массивлерин қурыў, “Абат аўыл,” “Абат мәҳәлле” бағдарламалары шеңберинде үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғаны, смарт ҳәм инновациялық қала қурылысы тийкарында жаңа қалалар қурылып, социаллық инфраструктура тармақлары раўажланып атырғаны;
з) көп миллетли ҳәм көп конфессиялы жәмийетимиздеги тынышлық, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик орталығы – бизиң бийбаҳа байлығымыз екени, оны қәстерлеп-сақлаў ҳәм беккемлеў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз болып қалыўы кереклиги;
и) “Армия ҳәм халық – бир тән, бир жан!” деген сүрен тийкарында Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў, мәрт ҳәм батыр әскер ҳәм офицерлеримиздиң физикалық, руўхый-ағартыўшылық таярлығын жоқарылатыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жумыслардың әмелге асырылып атырғаны;
к) Өзбекстанның Орайлық Азия регионында жақсы қоңсышылық, бирге ислесиў ҳәм интеграция процесслерин күшейтиўдеги орны ҳәм абырайының артып, жаңа басқышқа көтерилип атырғаны;
л) Жаңа Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигинде ашық, демократиялық ҳәм дүньялық мәмлекет сыпатындағы абырайы барған сайын жоқарылап атырғаны.
- Мәденият министрлиги (О.Назарбеков):
а) Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласында Ғәрезсизлик байрамына бағышланып өткерилетуғын тийкарғы байрам илажының бағдарламасы ҳәм сценарийсин Концепция тийкарында ислеп шықсын және оны жоқары көркем-идеологиялық дәрежеде таярлаў илажларын көрсин;
б) Көркем өнер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, Журналистлер аўқамы менен биргеликте “Ана дияр – реңлер жилўасында”, “Ўатан ушын жасайық!”, “Ең уллы, ең әзиз” сыяқлы дәстүрий таңлаўларды жоқары дәрежеде өткериўди тәмийинлесин;
в) Композиторлар ҳәм мелодистлер аўқамы, Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте елимиздиң ғәрезсизлигин жырлайтуғын ең жақсы қосық ҳәм музыка шығармалары таңлаўларының жуўмақлаўшы басқышын өткерсин;
г) усы таңлаўлардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин Ғәрезсизлик байрамы алдынан жәриялаў ҳәм салтанатлы түрде сыйлықлаў илажларын көрсин.
- Өткерилетуғын байрам илажлары:
а) Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – тийисли жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери және физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ықтыярый тийкардағы қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан;
б) Ташкент қаласында – Республикалық комиссия тәрепинен тастыйықланатуғын қәрежетлер сметасына муўапық Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджети қаржылары есабынан тең үлеслерде қаржыландырылады.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, “Дунё” мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Ғәрезсизлик байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң басшысы О.Қ.Абдураҳмоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев
Ташкент қаласы,
2025 –жыл 10-июль