ПИМШ бас ассамблеясы шеңберинде еки тәреплеме ушырасыўлар болып өтти

Пүткил жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеми (ПИМШ) не ағза мәмлекетлер Бас ассамблеясы мәжилисиниң 66-сессиясында қатнасыў ушын Өзбекстан Республикасы әдиллик министри Акбар Тошқулов Швейцарияның Женева қаласына барғаны ҳаққында хабар берген едик.
Сапар шеңберинде әдиллик министри Акбар Ташқулов Венгрия Интеллектуаллық мүлк уйымы (HIPO) президенти Фаркаш Саболч пенен ушырасты. Онда интеллектуаллық мүлк тараўында өз-ара бирге ислесиў ҳаққында түсинисиў меморандумына қол қойылды.

HIPO – Венгрияда интеллектуаллық мүлкти қорғаў бойынша жуўапкер орайлық мәмлекетлик уйым есапланады. Ол 1896-жылы шөлкемлестирилген болып, ҳәзирги ўақытта Мәденият ҳәм инновациялар министрлигине бойсынады. HIPO патентлер, товар белгилери, дизайнлар ҳәм авторлық ҳуқықы сыяқлы бағдарларда жумыс алып барады.
Түсинисиў меморандумы шеңберинде интеллектуаллық мүлк объектлерин ҳуқықый қорғаў, мәлимлеме ҳәм тәжирийбе алмасыў, кадрлар таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бағдарларында бирге ислесиў, сондай-ақ, жәмийетшилик арасында интеллектуаллық мүлк ҳаққында хабардарлықты арттырыў, интеллектуаллық мүлк инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм санлы технологияларды енгизиў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў нәзерде тутылған.

Женеваға сапары шеңберинде А.Тошқулов ПИМШтиң Өтиў дәўириндеги ҳәм раўажланған мәмлекетлер бөлиминиң директоры А.Хабип пенен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда интеллектуаллық мүлк тараўындағы перспективалы жойбарлар, атап айтқанда, 2027-2030-жылларға мөлшерленген Интеллектуаллық мүлк миллий стратегиясын ислеп шығыў, географиялық көрсеткишлерди халықаралық көлемде тән алыў, миллий қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм ПИМШ жумысына жергиликли экспертлерди тартыў мәселелери додаланды.
Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Қазақстан әдиллик министрликлери арасында еки тәреплеме ушырасыў да болып өтти. Сөйлесиў даўамында әмелдеги бирге ислесиў ҳәм алдағы режелер ҳаққында пикир алысылып, биргеликтеги басламалар бойынша келисимлерге ерисилди.
Н.Абдураимова, ӨзА