“Сырлы дүнья” жер астындағы 20 қабатлы қала ҳаққында нелер белгили?

Дүньядағы ең таң қаларлық тарийхый объектлерден бири – Түркияның Каппадокия регионында жайласқан Деринкую жер асты қаласы. Бул тек ғана археологиялық әжайыбат емес, ал инсан ақылы ҳәм ерк-ықрарының ең айқын үлгиси болып есапланады. 20 қабатқа шекем тереңлескен, мыңлаған адамларға баспана болған бул жер асты қаласы – тек ғана қурылыстағы шеберлик емес, ал тарийхтағы апатшылықлар, қорқынышлар ҳәм жасаў ушын исленген гүрестиң жанлы гүўасы болып есапланады. “Derinkuyu” – түрк тилинде “терең қудық” деген мәнисти билдиреди. Бул жердеги қала таў жынысларын ойып жаратылған болып, шама менен 10-12 мың адамды бир ўақытта өзине сыйдыра алған.
Қала жәми 18-20 қабатқа шекем тереңлескен болып, оның ең түпкирдеги бөлеги 85 метрге шекем жетеди. Ҳәр бир қабат өзине тән ўазыйпаларга ийе болган: аўқат қоймаханалары, ибадатханалар, мектеплер, ҳайўанлар ушын имаратлар ҳәм ҳәтте ҳаўа системасы да болған.
Derinkuyu қаласы бизиң эрамызға шекемги VIII – V әсирлер аралығында қурылған болыўы мүмкин. Айырым археологлар оның дәслепки басқышлары ҳеттлер, яғный әййемги Анатолия цивилизациясына тийисли деп болжайды. Басқалар болса оны христианлар өз жанын сақлаў ушын Рим ҳәм Византия қыйнаўларынан қашып қурған дейди. Қайсы халық қурғанына қарамастан, бул қурылыс электр, заманагөй техника ямаса жоқары технологиялық үскенелерсиз әмелге асырылғаны – адамзат тарийхы ушын ең үлкен сораўлардан бири.
Бул қала неге жер астында қурылған? Жуўап – қорқыныш ҳәм массалық қәўиплер. Урыслар, басқыншылықлар, диний қуўдалаўлар, жабайы қәўимлердиң шабыўылларынан жасырыныў ушын адамлар жер астына көшти. Derinkuyuдиң нақ 600 ден аслам есиги болып, олардың ҳәр бири сырттан жабылатуғын үлкен тас дисклер менен қорғалған. Қала ишиндеги тар жоллар ҳүжимши армияның үлкен көлемдеги кириўине жол қоймайды – қорғаныў тактикалары таң қаларлық дәрежеде анық ҳәм ақылға уғрас.
Ең таң қаларлық тәреплерден бири – ҳаўа ҳәм суў системасы. 20 қабатлы жер асты қаласының ҳәр бир мүйешине ҳаўа жетип барыўы ушын ҳаўа шақапшалары ойылған. Бул тармақлар тереңликте де таза ҳаўаны тәмийинлеген. Суў болса арнаўлы қудықлар арқалы алынған болып, қала ишинен сыртқа шықпастан турмыс кешириў имканияты болған.
Ең қызығы, бул қала тарийх китапларында жүзлеген жыллар даўамында тилге алынбаған. Тек 1963-жылы, жергиликли халық өз үйин оңлап атырғанда дийўалдың артынан сырлы бөлмени табады ҳәм бул – пүткил тарийхтың жүзин өзгертиўши табылмаға айланады. Кейинирек археологлар бул ханалар пүткил қалаға жалғанғанлығын анықлады. Яғный, дүньяның ең үлкен жер асты қалаларынан бири адамзаттың көз алдында жасырын түрде жүз жыллар даўамында сақланып келген.
Derinkuyu – бул тек ғана туристлик мәнзил емес. Бул – инсанияттың ҳәр қандай қәўип-қәтерге қарамастан тири қалыў, жәмийетти сақлап қалыў ҳәм еркин жасаў ушын қандай мийнет ҳәм дөретиўшилик ислей алатуғынын көрсететуғын тарийхый сабақ.
Ол тек жер асты қаласы емес, ал жер жүзиндеги инсан еркиниң символы болып есапланады.
Соның ушын да Derinkuyu – бул тек ғана әййемги қурылыс емес, ал сораўларға толы, жуўаплары болса тек қызыққан ҳәм изленип атырған адамлар ғана таба алатуғын ҳақыйқый сырлы дүнья болып есапланады.
Ирода Жўраева, Искандар Исматов,
ӨзА