Шахсын тастыйықлаўшы паспорт (ID-карта) көрсетпеген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди

Хабар берилгениндей, 2025-2026-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары усы жыл 14-июльдан 23-июльға шекем (10 күн) болып өтеди.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, тест сынақлары күни шахсты тастыйықлаўшы паспорт (ID-карта)тың түп нусқасы мәжбүрий түрде усынылыўы шәрт. Болмаса абитуриентке тест сынағына кириўге руқсат берилмейди.
2025-жыл 1-июльден баслап my.gov.uz (https://my.gov.uz/) арқалы паспорт ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон түрлери рәсмий түрде тән алынады. Бирақ, бул тест сынақларына тийисли емес. Абитуриент ID-карта ямаса биометрикалық паспорт ҳәм абитуриент рухсатнамасын көрсетеди.
Сондай-ақ, тест сынағы аймағына мобиль телефон ҳәм басқа да санлы қурылмаларды алып кириў қатаң қадаған етилген.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА